Индонезияның Джакарта қаласында бокс бойынша жаслар арасында өткерилип атырған Азия чемпионатының 19 жасқа шекемги қызлар арасындағы жарысы жуўмақланды. Өзбекстан ўәкиллери 10 салмақ категориясынан тек ғана 8 синде қатнасқан болса да, миллий сайланды командамыз 4 алтын ҳәм 2 гүмис медаль менен жоқары нәтийже көрсетти. Бул командаға улыўма командалық есапта биринши орынды ийелеў имканиятын берди.
Алтын медальларды қолға киргизген:
-54 кг - Сабрина Чакоманова;
-60 кг - Севара Маматова;
-65 кг - Рушанабону Исоева;
-75 кг - Самира Турғунова.
Гүмис медаль ийелери:
-51 кг - Назокат Мардонова;
-70 кг - Мафтуна Янгиева.
Ҳәзирги ўақытта Азия чемпионатында 23 жасқа шекемги қызлар арасында финал
беллесиўлери даўам етпекте.