Балықшылық тараўында интенсив технология тийкарында балық жетистириў көлемин арттырып, жылына 1 миллион тоннаға жеткериў ўазыйпасы қойылды. Презентацияда усы мақсетте мелиоративлик қудықлар имканиятларынан пайдаланыў режелери Балықшы районы мысалында көрип шығылды.

Райондағы 24 қудықтың әтирапында балық жетистириўдиң толық цикли – шабақлар ҳәм азық-аўқат пенен тәмийинлеўден баслап, балықты жетистириў, қайта ислеў, сақлаў ҳәм сатыўға шекем болған процессти қамтып алған интенсив балықшылық комплекслерин шөлкемлестириў режелестирилген. 50 сотыхқа мөлшерленген ҳәр бир жойбар шеңберинде жылына кеминде 30 тонна форел жетистириў, 10 жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылған.

Жойбарларды бирден-бир система тийкарында басқарыў ушын балықшылық холдингин шөлкемлестириў усыныс етилди.

Балықшы районының тәжирийбесин басқа аймақларға да енгизиў мақсетинде 2027-жыл 1-мартқа шекем республика бойынша 4 мыңнан аслам мелиоративлик қудықларды хатлаўдан өткериў тапсырылды. Балық жетистириўге жарамлы қудықларды мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында алдынғы исбилерменлерге басқарыўға бериў режелестирилген.

Ханабадта суўық суўда балық жетистириў ҳәм қайта ислеў, Улуғнордағы суў бассейнлеринде балықшылықты раўажландырыў жойбарларын әмелге асырыў режелери ҳаққында да мәлимлеме берилди.

Презентацияның екинши бөлими Балықшы районы мысалында лимоншылықты раўажландырыўға бағышланды. Тоғыз мәҳәллеге жақын жерде 100 гектар майданда энергия үнемлейтуғын ыссыханалар қурып, исбилерменлерге таяр ҳалда жеткерип бериў режелестирилген. Лимон жетистириўден баслап оны сортлаў, қайта ислеў, қадақлаў, сақлаў ҳәм сатыўға шекемги барлық процесслер бир пүтин кооперациялық шынжырға бирлестириледи.

Жойбарға жумыссыз ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларды тартыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Дәслепки есап-санақларға бола, 500 ыссыханада кеминде 1 мың жергиликли халық жумыс пенен тәмийинленеди. Лимон ағашлары мийўе бергенге шекем қатар араларында басқа аўыл хожалығы егинлерин егиў арқалы қосымша дәрамат алыў мүмкин болады.

Балықшы тәжирийбеси тийкарында келеси жылы аймақларда кем тәмийинленген шаңарақлар ҳәм жумыссызлар ушын улыўма майданы 200 гектар болған энергия үнемлейтуғын ыссыхана комплекслерин қурыў режелестирилген. Бул арқалы 2 мың шаңарақтың дәраматы артыўы күтилмекте.

Презентацияның жуўмағында мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге усынылған кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылған жойбарларды қаржылай қоллап-қуўатлаў, халықты балықшылық ҳәм лимон жетистириўге оқытыў қәрежетлерин қаплап бериў бойынша тапсырмалар берди.