2030-жылға шекем ИТ тараўында 300 мың жумыс орнын жаратыў мақсетине усы жылдың өзинде ерисилди. Енди санлы экономиканың жаңа бағдарларын раўажландырыў есабынан 2030-жылға шекем және 500 мың жумыс орнын жаратыў ўазыйпасы қойылмақта.
Буның ушын жасларды оқытыў ҳәм кәсиплик көнликпелерин тастыйықлаўдан баслап, жумысқа орналасыўға шекемги болған барлық басқышларды қамтып алған санлы билимлендириўдиң бирден-бир экосистемасын қәлиплестириў зәрүр. Презентацияда 2030-жылға шекем 5,5 миллион жасты дәстүрий ҳәм аралықтан оқытыўды нәзерде тутатуғын көзқараслар додаланды.
Мектеп оқыўшылары ушын "Ал-Хорезмий мийрасхорлары" ҳәм "Жасалма интеллекттиң бес миллион жетекшиси" жойбарларын кеңейтиў, жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм жеке меншик оқыў орайларының имканиятларын бирлестириў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы ҳәр жылы 1 миллион жасты робототехника, компьютер ойынларын жаратыў, стартаплар ҳәм басқа да перспективалы бағдарларға оқытыў ўазыйпасын қойған еди. Оның ушын миллий тренерлер корпусын қәлиплестириў, санлы көнликпелер бойынша онлайн платформалар ҳәм қысқа мүддетли курсларды иске қосыўды жеделлестириў, илимий изертлеўлерди раўажландырыў ҳәм олардың нәтийжелерин әмелиятқа кеңнен енгизиў зәрүр.
Презентацияда жоқары билимлендириў мәкемелеринде кадрлар таярлаўды технологиялар ҳәм мийнет базарындағы өзгерислерге бейимлестириў мәселелери де көрип шығылды. Сондай-ақ, жасалма интеллект, микросхемаларды жойбарлаў, ушыўшысыз технологиялар ҳәм компьютер ойынларын ислеп шығыў ҳәм басқа да бағдарлардағы билимлендириўди раўажландырыў, студентлердиң әмелий жойбарлардағы қатнасын кеңейтиў усыныс етилди.
Сондай-ақ, информатика пәни муғаллимлериниң жасалма интеллект бойынша маманлығын арттырып, кейин ала сертификат бериў, сондай-ақ, жоқары оқыў орынлары студентлериниң санлы технологиялар бойынша халықаралық билимлендириў курсларынан пайдаланыў имканиятын кеңейтиў мәселелери додаланды. Ферғана тәжирийбеси тийкарында iOS программистлерин таярлаў орайларын шөлкемлестириў, жеке меншик оқыў орайлары ушын менторлар таярлаў усыныслары мақулланды.
Илимий изертлеўлер ҳәм қолланбаларды билимлендириў процесине интеграциялаўға айрықша итибар қаратылды. Соның ишинде, жоқары оқыў орынларында жайластырылатуғын системалар, микроэлектроника ҳәм затлар интернети бойынша қәнигелер таярлаў, инженерлик қолланбалар ҳәм изертлеў лабораторияларын қоллап-қуўатлаў бойынша усыныслар билдирилди.
Жаслар алған билимлерин әмелиятта қолланып, жумыс табыўы ушын "Санлы жаслар" платформасын раўажландырыў режелери көрип шығылды. Бул олардың билимлендириўи, кәсиплик шеберлиги, тил билими ҳәм сертификатлары ҳаққындағы мағлыўматларды бирлестиреди, мүнәсип жумыс орынларын таңлаў ҳәм бәнтлигин қадағалаўға жәрдем береди.
Санлы билимлендириўге глобал технологиялық компанияларды кеңнен тартыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Өткен жылы бул мақсетлер ушын 22 миллион доллар грант тартылған. Бул көрсеткишти системалы бирге ислесиў арқалы усы жылдың ақырына шекем 60 миллион долларға, 2030-жылға шекем 100 миллион долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.
Усы жылы тартылып атырған грант қаржыларының ярымын санлы билимлендириўге, қалған ярымын маманлық арттырыў, алыс аймақларда санлы билимлендириў орайларын шөлкемлестириў ҳәм оларды жасалма интеллект, робототехника, программаластырыўды үйретиў ушын заманагөй үскенелер менен тәмийинлеўге қаратыў белгиленди.
Президентимиз санлы билимлендириўди раўажландырыўдың тийкарғы өлшемлери қамтып алыў менен бирге, оқытыў сапасы ҳәм оның бәнтликке тәсири болыўы керек екенлигин атап өтти. Жуўапкерлерге белгиленген мақсетлерге анық бағдарламалар тийкарында ерисиўди тәмийинлеў, аймақларда оқытыў имканиятларын кеңейтиў, жеке меншик сектор ҳәм халықаралық шериклер менен бирге ислесиўди күшейтиў бойынша тапсырмалар берилди.
Презентацияда Халықаралық санлы технологиялар орайының жумысын жолға қойыў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында да мәлимлеме берилди.