Қалалардың кеңейиўи, технологиялық раўажланыў ҳәм климат өзгериўи қутқарыў хызметлери алдына жаңа ўазыйпаларды қоймақта. Соның менен бирге, айырым өрт-қутқарыў бөлимлериниң жайласыўы, олардың имаратлары ҳәм техникалары оператив жәрдем көрсетиў талапларына толық жуўап бермейди.

Мәмлекетимиз басшысы системаны модернизациялаўда инсанның өмирин сақлап қалыў тийкарғы бағдар болыўы керек екенлигин атап өтти. Соннан келип шығып, "алтын минут" қағыйдасын әмелиятқа енгизиў, қутқарыўшылардың жетип келиў ўақтын қала шеңберинде 5-7 минутқа, қала орайларынан тыс аймақларда болса 15-20 минутқа шекем қысқартыў ўазыйпасы қойылды.

250 мыңнан аслам халық жасайтуғын район ҳәм қалалардағы 25 өрт-қутқарыў бөлимин қайта шөлкемлестирип, заманагөй техникалар менен тәмийинлеў режелери ҳаққында мәлимлеме берилди. Сондай-ақ, қыйын шараятларда да жумыс алып барыў имканиятына ийе болған "Мадад" көп тармақлы миллий қәнигелестирилген қутқарыў орайы, сондай-ақ, айрықша жағдайларды басқарыў бойынша авиация-қутқарыў бөлими ҳәм илимий-изертлеў орайын шөлкемлестириў усыныс етилди.

"112" бирден-бир диспетчерлик хызметиниң жумысын жетилистириў, мүрәжатлардың келип түсиўинен баслап орынланыўына шекемги процессти мониторинг етиў, тийисли хызметлер арасында мәлимлеме алмасыўын күшейтиў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Бул тараўда санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект имканиятларын және де кеңнен қолланыў зәрүрлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, суў сақлағышларды қутқарыў хызметлери менен қамтып алыўды кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Әмелдеги 56 суў сақлағыштан тек ғана төртеўинде бундай хызметлер шөлкемлестирилген. Бул бағдарда "Каркидон" суў сақлағышы мысалында профессионал қутқарыў хызметин шөлкемлестириў усынысы билдирилди. Буннан тысқары, қутқарыўшыларды таярлаў техникумы негизинде дуаллық оқытыў системасын қолланған ҳалда қутқарыўшы-водолазларды таярлаўды жолға қойыў, туристлик объектлердиң хызметкерлерин айрықша жағдайларда ҳәрекет етиў ҳәм биринши медициналық жәрдем көрсетиўге үйретиў режелестирилген.

Суў сақлағышлардан туристлик мақсетлерде пайдаланыў имканиятлары көрсетип өтилди. Ҳәзирги ўақытта бес суў сақлағышта туризм жумысы жолға қойылған, және 25 объектте бундай хызметлерди раўажландырыў имканияты бар. Бул инвестицияларды тартыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм туристлер ағымын көбейтиў имканиятын береди.

Онда қәўипсизлик талапларына әмел етиў тийкарғы әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Туризм хызметлерин сертификатлаўды енгизиў, исбилерменлерге профессионал қутқарыў хызметлери менен шәртнама дүзиў миннетлемесин жүклеў, дем алыў орынларын қутқарыў қайықлары, бақлаў минаралары ҳәм суў тереңлигин көрсетиўши көрсеткишлер менен тәмийинлеў усынысы билдирилди.

Суў сақлағышлар әтирапында туризм хызметлерин шөлкемлестирген исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў илажлары да көрсетип өтилди. 2029-жыл 1-октябрьге шекем жер ҳәм мүлк салықларының ставкасын 2 есеге азайтыў, GPS үскенелери, қутқарыў ҳәм қорғаныў қуралларын алып кириўде бажыхана төлемлерин 120 күнге кешиктириў ямаса бөлип-бөлип төлеўди енгизиў нәзерде тутылмақта. Бундай аймақларда жер участкаларын сатыўдан түскен қаржыларды сыртқы инженерлик тармақлары ҳәм жол инфраструктурасын раўажландырыўға қаратыў усыныс етилди.

Суў сақлағышлардың техникалық тазалығы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди. Қәнигелер 25 суў сақлағышты сол жерге барып үйренди. Қәўипли өзгерислерди өз ўақтында анықлаў ушын локал хабардар етиў системалары, видеобақлаў, сейсмологиялық үскенелер ҳәм санлы мониторинг қуралларынан пайдаланыўды кеңейтиў нәзерде тутылған.

Презентацияның жуўмағында мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге қутқарыў хызметлериниң оперативлигин арттырыў, суў сақлағышларда профессионал қутқарыў бөлимлериниң жумысын шөлкемлестириў, туризм объектлеринде қәўипсизлик бойынша анық талапларды белгилеў бойынша тапсырмалар берди.