Сөйлесиў алдында Рашид Мередов мәмлекетимиз басшысына Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов ҳәм Түркмен халқының миллий жетекшиси, Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовтың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстан-Түркменстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Барлық дәрежедеги сөйлесиўлердиң жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жақында еки мәмлекет арасында өзине тән механизм – Стратегиялық шериклик Жоқары кеңеси шөлкемлестирилди. Товар алмасыў ҳәм жүк тасыў көлеми турақлы артып бармақта. "Шават – Ташаўыз" шегараалды саўда зонасы табыслы жумыс алып бармақта.
Жоқары дәрежедеги келисимлерди өз ўақтында әмелге асырыў, сондай-ақ, болажақ үшинши Аймақлар форумы ҳәм Түркменстан қалаларында Өзбекстан мәденияты ҳәм кино күнлерине пуқта таярлық көриў әҳмийетли екени атап өтилди.
Регионаллық бирге ислесиў мәселелери бойынша да пикир алысылды.