Мәмлекетимиз басшысының қарарына муўапық, өткен жылы елимизде Абу Мансур Мотуридий туўылғанының 1155 жыллығы кеңнен белгиленди. Усы мүнәсибет пенен Самарқанд қаласындағы Чокардиза қәбирстаны аймағында Имам Мотуридий комплексин реконструкциялаў ҳәм абаданластырыў жумыслары басланды.

Улыўма майданы 10,2 гектар болған комплекс аймағында зыяратшылар ушын жаңа саўлатлы мешит қурылды. Имам Мотуридий ҳәм Бурҳониддин Марғиноний мақбаралары толық реконструкцияланды. Комплекс қурамында илимпаздың мийрасын терең үйрениўге қәнигелескен илимий орай, китапхана ҳәм музей шөлкемлестирилген.

Президентимиз бул илимий-ағартыўшылық мәкемелериниң әҳмийетин айрықша атап өтти:

- Бундай ағартыўшылық дәргайларын шөлкемлестириўден мақсетимиз – уллы бабаларымыздың мийрасын терең үйренип, жасларымызға жеткериў. Бүгинги күнде бул билимлер бизге оғада зәрүр. Бул жерде көплеген жаслар Имам Мотуридийдиң буннан мың жыл бурын жазылған шығармаларын үйрениўи мүмкин. Уллы бабамыз Имам Мотуридий буннан мың жыл бурын ҳәр бир жуўмақты илимий тийкарда тийкарлап, исенимли дәлиллер менен беккемлеп, адамларды наданлықтан сақландырған. Бул шығармалардың мазмун-мәнисин үйрениў ҳәм жасларымызға түсиндириў бүгин ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли.

Комплекс аймағына кирер жерде саўлатлы портал, мийманханалар ҳәм үлкен автомобиль туратуғын орын қурылған. Бул жерге елимиздиң климат шараятына бейимлескен жергиликли ҳәм сырт ел терек нәллери егилди.

Уллы ойшыллардың естелигине ҳүрмет көрсетилди, Қуран оқылды.

Мәмлекетимиз басшысы комплекске келген адам Имам Мотуридийдиң илимий-ағартыўшылық мийрасы, оның ислам дүньясында тутқан орны ҳаққында түсиникке ийе болыўы керек екенлигин атап өтти.

- Бундай уллы зыярат етиў орынларының абат болыўында терең руўхый ҳәм ағартыўшылық мәнис бар. Адамлар бул жерге тек зыярат ушын емес, ал билим алыў, өзлигин аңлаў ушын келиўи керек, – деди Президент.