Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз жетекшисине Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Президентлер Администрациялары, парламентлер, ҳүкиметлер, аймақлар ҳәм бизнес дәрежесиндеги жедел байланыслар жоқары баҳаланды.
Товар алмасыў турақлы артып бармақта, санаат, транспорт, энергетика, аўыл хожалығы, қурылыс, экология тараўларында әҳмийетли кооперациялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Нәтийжели мәдений-гуманитарлық алмасыўлар әмелге асырылмақта.
Жоқары дәрежедеги қарарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, келеси жыл ушын илажлар режесин қәлиплестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды.