Темир жол инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм мәмлекетимиздиң транзит потенциалын есапқа алған ҳалда локомотив паркин жаңалаў ҳәм кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
АҚШ қаржы институтларының қатнасыўында узақ мүддетли хызмет көрсететуғын локомотивлерди жеткерип бериў мәселеси додаланды. Өзбекстанда техникалық хызмет көрсетиў, комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарыў ҳәм кадрлар таярлаўды шөлкемлестириў ҳаққында да сөз болды.
Таў-кән кәрханаларының карьер техникалары ушын сервис орайын шөлкемлестириў ҳәм дизель-генератор қурылмалары бойынша бирге ислесиў мәселелерине тоқтап өтилди.
“Wabtec” – локомотивлер, темир жол техникасы, санлы ҳәм сервис шешимлерин ислеп шығарыў бойынша дүньяда жетекши компаниялардан бири. Компания Орайлық Азия мәмлекетлеринде де жойбарларды әмелге асырмақта.