Нызамшылық палатасындағы гезектеги мәжилисте "Фармацевтика хызметкерлери күнин белгилеў мүнәсибети менен "Өзбекстан Республикасы Медицина хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызам жойбары көрип шығылды.
Атап өтилиўинше, соңғы жыллары мәмлекетимизде денсаўлықты сақлаў системасында кең көлемли реформалар әмелге асырылып, фармацевтика тараўы да жедел раўажланбақта. Ҳәзирги ўақытта елимизде 50 мыңнан аслам фармацевтика қәнигеси жумыс алып бармақта. Сондай-ақ, 504 фармацевтика ислеп шығарыў кәрханасы, 478 дистрибютор шөлкем ҳәм 14 мыңнан аслам дәрихана халыққа хызмет көрсетпекте.
Нызам жойбарына муўапық, әмелдеги нызамдағы "Медицина хызметкерлери" деген сөзлер "Медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери" деген сөзлер менен алмастырылыўы нәзерде тутылмақта. Сондай-ақ, ноябрь айының екинши екшембисин Өзбекстан Республикасы Медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери күни етип белгилеў усыныс етилмекте.
Бул өзгерислер "Пуқаралардың денсаўлығын сақлаў ҳаққында"ғы ҳәм "Дәри қураллары ҳәм фармацевтика жумысы ҳаққында"ғы нызамларда қолланылатуғын түсиниклер менен үйлесимлиликти тәмийинлеўге қаратылған.
Атап өтилиўинше, нызамның қабыл етилиўи фармацевтика хызметкерлериниң жәмийеттеги абырайын арттырыў, оларды материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди.
Мәжилисте нызам жойбары қабыл етилип, Сенатқа жиберилди.