Қырғызстан сыртқы сиясий уйымының басшысы мәмлекетимиз жетекшисине Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстан менен Қырғызстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Өзбекстан Президентиниң усы жыл июль айында Қырғызстанға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Товар алмасыў өсиўиниң унамлы пәти, жетекши кәрханалар ҳәм аймақлар кооперациясы, энергетика ҳәм транспорт тараўларындағы ири регионаллық жойбарлар әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Келеси жылға мөлшерленген аймақлараралық мәдений-гуманитарлық илажлар ҳәм алмасыўлар режесин қабыл етиў әҳмийетли екени атап өтилди.
Тәреплер Орайлық Азия регионындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысты.