Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги хабар берди.
Өнимниң үлкен бөлеги механизмлер жәрдеминде жыйнап алынған. Дерлик 3 мың заманагөй пахта териў машиналары жәрдеминде 3 миллион 515 мың 597 тонна пахта терилди. Жыйын-теримди механизациялаў дәрежеси мәмлекетимиз бойынша орташа 76 процентти, айырым аймақларда болса 98,5 процентти қурады.
Атап айтқанда, пахта териў машиналары жәрдеминде Жиззақ ўәлаятында 98,5 процент, Сырдәрьяда 94,2 процент, Ташкент ўәлаятында 81,2 процент өним жыйнап алынды.
Жыйын-терим мапазы даўам етпекте. Ҳәзирги ўақытта 49 мың гектардан аслам майданда биринши терим өткерилди. Онда тийкарғы итибар өнимди өз ўақтында жыйнап алыў ҳәм шығынларды азайтыўға қаратылмақта.
Ерисилген көрсеткишлер аўыл хожалығын раўажландырыў, заманагөй агротехнологияларды енгизиў ҳәм илим жетискенликлеринен нәтийжели пайдаланыў бойынша тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўы менен байланыслы.
Мәўсим нәтийжелеринде мәмлекетимиздиң барлық аймақларындағы пахта майданларында өткерилген әмелий семинарлар, илимпазлардың изертлеўлери, илимий усыныслар ҳәм алдынғы тәжирийбелердиң өндириске енгизилиўи үлкен әҳмийетке ийе болды.
Заманагөй технология, алдынғы техника ҳәм илимий қолланбалардың үйлесиўи мийнет өнимдарлығын арттырыў, ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, өнимди өз ўақтында жыйнап алыў имканиятын береди.
4,63 миллион тонна өним фермер, дийқан ҳәм механизаторлар, сондай-ақ, пахташылық тараўының барлық қатнасыўшыларының мийнети нәтийжесинде жетистирилген. Қалған өнимди жыйнаў жумыслары даўам етпекте.