2024-2028-жылларға мөлшерленген жойбар шеңберинде 3,7 миллион АҚШ доллары ажыратылған. Тийкарғы итибар салының зүрәәтли сортларын таңлап алыў, заманагөй туқымгершилик ҳәм агротехнологияларды енгизиўге қаратылмақта.

Усы жылы Ташкент, Әндижан, Наманган, Ферғана, Сырдәрья, Сурхандәрья, Хорезм ўәлаятлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасында 1320 гектар майданда жоқары репродукциялы салы туқымы жетистирилген.

Жойбар шеңберинде заманагөй технологиялар, соның ишинде, суўды үнемлейтуғын усыллар, жерлерди лазер жәрдеминде тегислеў, суўғарыў суўын басқарыў, тамшылатып суўғарыў сыяқлы технологиялар сынақтан өткерилмекте. Фермерлер ушын оқыў семинарлары да шөлкемлестирилген.

Буннан тысқары, жойбар шеңберинде 2026-жылы улыўма баҳасы 203,4 мың АҚШ долларына тең 10 түрдеги техника, лаборатория үскенелери ҳәм материаллар жеткерип берилди. Институтта салы жетистириў ҳәм үйрениў бойынша фитотрон, Хорезм филиалында болса фотос сепараторды шөлкемлестириў режелестирилген.

Жойбар нәтийжесинде салы зүрәәтлилигин 58 центнерге, суўды үнемлеў дәрежесин 22 процентке жеткериў режелестирилген.