Усы жыл 18-сентябрь күни Президентимиз Кегейли районындағы “ADM Agro” кәрханасының интенсив бағы менен танысты. Улыўма майданы 330 гектар бағдың 69 гектарында шорға шыдамлы қара қәрели жетистирилмекте. Тамшылатып суўғарыў ҳәм жабық дренаж системасының енгизилгени себепли бул жерде суўдың жумсалыўы 12 мың литрден 5 мың литрге шекем, яғный дерлик 60 процентке азайған. Минерал төгинлердиң суўғарыў суўы менен бирге берилиўи болса тереклердиң жақсы өсиўине ҳәм шорға шыдамлылығын арттырыўға хызмет етпекте.
Бағманлар нәллердиң қатар арасына помидор егип, бир майданнан бир мәўсимде еки түрли өним алмақта. Мийўе жетистирилген жердиң өзинде кептириў ҳәм қайта ислеў үскенелериниң бар екенлиги шийки затты таяр өнимге айландырып, қосымша қунды арттырады. Кәрхана таяр өнимди Қытай, Қубла Корея ҳәм Россияға экспорт етиў бойынша шәртнамалар дүзген.
Мәмлекетимиз басшысы бағшылық ең дәраматлы тараўлардан бири екенин, қәрелиден алынатуғын дәрамат пахташылықтан бираз жоқары екенин айрықша атап өтти.
Үш жылда 30 мың гектар
19-сентябрь күни Нөкис қаласында мәмлекетимиз басшысының басшылығында өткерилген мәжилисте бул ўазыйпалар және де анықластырылды. Үш жыл ишинде Қарақалпақстанда 30 мың гектар майданда шорға шыдамлы қәрели ҳәм кеш писер ерик плантациялары қурылады. Соннан 10 мың гектарында жумыслар усы жылдың өзинде басланады. Жер ажыратыў, кепилленген суў тәмийнаты, климатқа сай нәл ҳәм заманагөй технологиялар жеткерип бериў, тәжирийбели дийқан ҳәм агрономларды тартыў, қайта ислеў қуўатлықларын жаратыў нәзерде тутылған. Нәтийжеде 20 мың халық жумыс пенен тәмийинленеди, мийўе экспорты үш жылда кеминде 500 миллион долларға жеткериледи.
Қарақалпақстанда егилетуғын терек үш шәртке жуўап бериўи - шорға, қысқы суўыққа ҳәм суў тамтарыслығына шыдамлы болыўы керек. Халық санының өсип баратырғаны (қәнигелер 2050-жылға барып мәмлекетимиз халқының саны 50 миллионға жетиўин болжамақта) ҳәм климаттың өзгериўи болса азық-аўқат қәўипсизлиги мәселесин және де әҳмийетли етпекте.
Қәрели гүзде терең тынышлық дәўирине өтеди, −30 °С ға шекем суўыққа шыдам береди ҳәм бәҳәрде ерте оянбайды. Ерик те қыста −30 °С суўыққа шыдайды, бирақ оның әззи тәрепи бар – бәҳәрде ерте оянып, көбинесе март айында барлық мийўели тереклерден алдын гүллейди. Сол себепли, қайтымлы суўықлардан көп зыян көреди. Ғумшалары −3 −4°С та, ашылған гүллер −2°С та, түйиншелер болса −1°С та набыт болады. Қарақалпақстан ушын жуўмақ биреў — тынышлық дәўири узын ҳәм кеш гүллейтуғын, яғный кеш писер сортларды таңлаў керек. Президентимиздиң кеш писер ерик егиў ҳаққындағы усынысы да әйне усыған тийкарланған.
Ериктин ўатаны Орайлық ҳәм Шығыс Азия болып, оның Сибирь ҳәм Манжурия ериклери сыяқлы жақын түрлери қатты суўыққа бейимлескен. Буның әмелий дәлилин өзим де көрдим. 2026-жыл май айында кафедрамыз хызметкерлери менен Арал теңизиниң қурыған бөлегин көриў ушын саяхатқа шықтық. Бир ўақытлары үлкен теңиз болған суў ҳәўизиниң киши көлге айланып қалғанын көрип, аўыр қыял менен қайттық. Жолда Үстирт платосындағы мәнзилде тоқтадық — бул қысы қатты келетуғын аймақ. Бул жерде тек ғана 33 шаңарақ қалған, бирақ олардың бир нешеўиниң ҳәўлисинде ерик тереклери өсип, зүрәәт берип тур. Бул көринис кеш писер ерик егиў идеясы қаншелли дурыс екенин және бир мәрте дәлилледи.
Ериктиң қурғақшылыққа шыдамлылығына және бир мысал: Ташкент-Самарқанд жолында, Ғәллеарал районынан Самарқандқа кириўде жол бойына 1960-жыллары қорғаў тереги сыпатында ерик, писте ҳәм акация егилген. Олар ҳәзирге шекем өсип, гүллеп, зүрәәт берип атыр.
Қарақалпақстан шараяты ушын ең қолайлы сортлардан бири - "Субҳоний". Бул сорт салыстырмалы түрде кеш писеди ҳәм қайта ислеўге жүдә қолайлы: пискен мийўеси жерге төгилип езилмейди, терилмесе, теректиң өзинде кеўип, түршикке айланады. Кеселликлер ҳәм зыянкеслер менен аз зыянланады, 70-80 жылға шекем жақсы өним береди. Мийўеси ири — орташа 35 грамм, жақсы күтимде 60 граммға шекем жетеди. Қабығы сары-тойғын сары, қызғыш қызыл менен қапланған; ети тығыз, суўсыз, бираз ашшы-шийрин, мағызы шийрин, данасы етинен аңсат ажыралады. Наманганда июньның екинши ярымы — июльдың биринши ярымында писсе, Қарақалпақстанда июль айында писеди.
Соны есапқа алыў керек, "Субҳоний" клонларының көпшилиги шеттен шаңланыўға мүтәж, соның ушын, бағда гүллеў мүддети сәйкес келетуғын шаңландырыўшы сортлар да егилиўи шәрт. Қәрели ҳәм "Субҳоний" мийўелериниң қабығы салыстырмалы қалың болғанлығы ушын жаңа үзилген ҳалда да тасыўға шыдамлы, тез бузылмайды.
Бир гектардан қанша дәрамат алыў мүмкин?
Ериклерди түп арасын 4 метр, қатар арасын 6 метр етип, гектарына 400-460 түп егиў усыныс етиледи — бундай қатар арасынан техника биймәлел өтеди. Қәрели киширек терек болғаны ушын тыгызлаў, гектарына 400-650 түп егиледи. Орташа 3-4 кг ығал мийўеден 1 кг кептирилген өним алынады. Мысалы, 100 кг жаңа қәрелиден 25-33 кг кептирилгени шығады. Туқымы менен кептирилгенде салмағы көбирек, туқымсыз кептирилгенде аз болады.
Толық өнимге кирген "Субҳоний" терегинен 35-40 кг ға шекем қақ алыў мүмкин. Гектарына 400 түп болса, орташа 20-25 кг нан есаплағанда 8-10 тонна қақ өним алынады. Экспорттағы орташа баҳа 1 кг ушын дерлик 1,9 доллар менен есапласақ, бир гектардан 16-20 мың доллардан артық түсим дегени. Теректе тәбийғый кептирилген органикалық қурғаған болса сырт ел базарында түрине қарап 7,5-15 доллардан сатылмақта. Буннан басқа, бир теректен 20-25 кг қақ алыў ушын 90-100 кг мийўе керек. Айырым тереклерден 120-130 кг ға шекем мийўе алыў мүмкин.
Экспорт потенциалы санларда
Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-ноябрь айларында 23,9 мың тонна кептирилген ерик 56 мәмлекетке экспорт етилип, 45,8 миллион доллар түсим алынған. Бул алдынғы жылдың усы дәўирине салыстырғанда 13,7 мың тонна, яғный еки еседен де көп. Тийкарғы қарыйдарлар — Қытай, Қазақстан, Түркия, Россия ҳәм Украина.
Усы дәўирде 38,9 мың тонна кептирилген қәрели экспорт етилип, 55,3 миллион доллар түсим алынған — бул 2024-жылдағыдан 62,9 процентке көп.
Өзбекстан 2023-жылы қурғақ мийўе ислеп шығарыў бойынша дүньяда екинши орынды ийелеген. Ҳәр жылы 650 мың тоннаға шекем ерик, қәрели ҳәм басқа да мийўелер жетистирилип, 65-70 мың тонна қурғақ мийўе сыртқы базарға шығарылмақта. Дүнья базарында шырайлы кептирилген, экологиялық таза қақ, қақ ерик ҳәм қәрелиге талап жоқары — қарыйдар, бәринен бурын, өнимниң сыртқы көринисине ҳәм экологиялық тазалығына итибар береди.
Ең әззи буўын — қайта ислеў
Тилекке қарсы, бизде көбинесе пискен мийўе набыт болады, қайта ислеў шала қалады, кептирилген мийўени қайта ислейтуғын кәрханалар еле жетерли емес. Сонлықтан, плантациялар менен бир ўақытта қайта ислеў кәрханаларын қурыў ҳәм жергиликли халықты бул жумысқа үйретиў зәрүр. Тәжирийбе көрсетеди, адамлар бул истен пайда көрген ўақытта ғана оны шын кеўилден өзлестиреди.
Технологлар алдында да үлкен ўазыйпа турыпты: туқымлы ҳәм туқымсыз қақыларды сортына қарап сапалы таярлаў, ерик қақын шербетте консервалаў, өнимди шырайлы қадақлаў. Самарқанд ҳәм Бухара дузлы шаңғалақлары әсирлер даўамында базарларымыздан кетпейди, бирақ оларды таярлаў сырлары елеге шекем айырым усталар арасында сақланып келинбекте. Бул өнерди системалы үйренип, санаат тийкарына өткериў ўақты келди.
Ерик туқымы де баҳалы шийки зат. Мағызының өзин сатыўға болады: қабығы ажыратылған аппақ мағызынан бадам сүтине уқсас өсимлик сүти ҳәм косметика өнимлери таярланады. Халық медицинасында ерик туқымынан әййемнен пайдаланып келинеди. Пакистанның Хунза ойпатлығы халқы ерик ядросын нанға қосып жейди ҳәм узақ өмир сүриўи менен белгили.
Ерик мийўеси болса тойымлы ҳәм шыпалы: оның қурамында 10-12 процентке шекем қант, алма ҳәм лимон кислоталары, пектин, бета-каротин (А провитамини), В топары, С, Е, К витаминлери, калий, кальций, темир, фосфор, магний сыяқлы минерал затлар бар.
Ири плантациялар ушын миллионлап нәл керек. Бул мәселени “in vitro”, яғный лаборатория шараятында көбейтиў усылы шешеди: бир жылда миллионлап саламат ҳәм бир қыйлы нәл жетистириў мүмкин. Самарқанд ўәлаятындағы "Бағбан" in vitro лабораториясы ҳәм республикадағы басқа да лабораториялар бул бағдарда тәжирийбе топлаған. Бундай нәллер екинши-үшинши жылы өнимге киреди, 4-5 жастан толық өним береди. Аўыл хожалығы "ақыллы" технологияларға өтип атырған бир ўақытта қәрели ҳәм ерик жетистириўди мәмлекет көлеминдеги мегажойбар дәрежесине көтериў мүмкин.
Сынаў бағын усы гүзде баслаў керек
Нәллер илажы болғанынша үш жыллық болғаны мақул — олар беккем болады ҳәм тезирек өнимге киреди. Негизинде нәллер гүзде егилсе, олардың тамырлары жақсы жайласып, бәҳәрдиң биринши жаўыны ҳәм қуяшынан дәрриў өсе баслайды. Қарақалпақстандағы суўықларды есапқа алып, быйыл оларды тәжирийбе-сынақ ушын гүзде бир гектарға егип көриў керек, қалған майданларға бәҳәрде егиледи. Плантацияларда тамшылатып суўғарыў жолға қойылыўы керек, әлбетте, суў менен минерал төгинлер де бериледи: жас терек өз ўақтында жетерли муғдарда суў ҳәм азықлықты алса, мийўеси ири ҳәм мазалы болады.
Қулласы, Аралбойында бағшылықты раўажландырыў шынжыры төмендегише көриниске ийе: шор топырақты есапқа алыў → климатқа сәйкес сорт таңлаў → суўды үнемлейтуғын технология → интенсив бағ → қайта ислеў → экспорт. Бул қатнас ресурслар шекленген шараятта жердиң экономикалық қунын тиклейди, халықтың дәраматын арттырады ҳәм аймақтың турақлы раўажланыўына хызмет етеди. Қәрели ҳәм ерик бүгин Арал апатшылығын басынан өткерген жерге жаңа өмир, халқымызға турақлы дәрамат алып келиўи мүмкин. Бул мийўелердиң инсан саламатлығына ҳәм шаңарақ дәраматына үлеси үлкен болады, Аралбойында бәҳәр мәўсимлери көзди қуўандыратуғын бағлар гүллеп ашылады, ерик ҳәм қәрели гүллегенин көриў ушын экотуризм шөлкемлестириледи.
Қарақалпақстанда үлкен жер бар, енди бул майданнан өнимли пайдаланыўға үлес қосыў илимпаз, агроном, фермер, қәниге – ҳәммемиздиң миннетимиз.
Дилором ЁРМАТОВА,
профессор