Жәмийетлик транспорт тараўын турақлы раўажландырамыз
Transport
13 окт 2026, 16:20
221
Соңғы жылларда ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында барлық тараўлар қатарында жәмийетлик транспорт тараўын еледе кеңейтиў, оның системалы жумысын алып барыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм ҳәрекетлениў қурамын заманагөй экологиялық таза автотранспортлар менен тәмийинлеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы аймағында
жәми 389 жөнелис шөлкемлестирилген болып, 140 кәрхананың 2522 дана
автотранспорт қураллары халыққа хызмет көрсетип келмекте. Усы жөнелислердиң 34
данасы қала ишиндеги, 329 данасы қала әтирапындағы ҳәмде 26 дана қалалар аралық
жөнелислерден ибарат. Нөкис қаласында 29 дана микроавтобус, 5 дана автобус
жөнелислери бар. Автобус жөнелислерден 5 данасы брутто-шартнама тийкарында 61
дана автобуслар хызмет көрсетпекте. 2026-жыл январь-сентябрь айлары даўамында брутто
шәртнамасы тийкарында ҳәрекетленетуғын автобусларда 1 миллион 800 мыңнан
аслам жолаўшы тасылып, кәрханаларға бюджет қаржыларынан 11,6 миллиард сўм төлеп
берилди.
Усы жылдың январь-сентябрь айлары даўамында жәми
70 дана автобус сатып алынды. Соннан, 56 данасы брутто талабына жуўап беретуғын
автобуслар. Буннан тысқары, «Sapsan
Trans Nukus» ЖШЖ
тәрепинен Қытай Халық Республикасынан заманагөй 54 дана электробуслар жыл
жуўмағына шекем алып келиў режелестирилген. Брутто талабына жуўап беретуғын
автобуслар «Sapsan
Trans Nukus» ЖШЖ
тәрепинен 12 дана электробус, «Fayz
avangard» ЖШЖ
тәрепинен 32 дана ҳәм «Mangit
Lestorg» ЖШЖ
тәрепинен 12 дана автобус алып келинди. 2025 жыл даўамында 16 дана автобус
ҳәм 83 дана микроавтобус алынған. Соның менен бирге, Европа тиклениў ҳәм
раўажландырыў банки тәрепинен ажыратылатуғын кредит қаржылары есабынан Нөкис
қаласы ушын 112 дана электробус сатып алыў бойынша жойбар әмелге асырылмақта.
Бул жойбар тийкарында заманагөй электробуслар ушын депо қурылысы
режелестирилип, Нөкис қаласы «Жаңабазар» МПЖнан 8,6 гектар жер
орны ажыратылған. Ҳәзирги ўақытта транспорт министрлиги жанында 100 пайыз мәмлекетлик
үлеси менен электробусларды эксплуатация қылыўшы кәрхана шөлкемлестирилмекте. Нөкис
қаласының Бас режесине тийкар, 20 дана жөнелиске 234 дана автобуслар
қатнаўы жолғы қойылыўы белгиленген. Сондай-ақ, брутто-шартнамасы тийкарында
жумыс алып баратуғын жөнелислер тармағын агломерация аймағы шеңберинде кеңейтиў
арқалы Хожели, Тақыятас ҳәм Нөкис районлары да қамтып алынады. Нәтийжеде,
агломерация аймағындағы 30 дан аслам мәҳәлле қосымша жәмийетлик транспорт
хызметлери менен тәмийинленеди. Соның менен бир қатарда, автобус
жөнелислери толық иске түсирилгеннен соң қала ишиндеги хызмет көрсетип турған
микроавтобуслар ҳәм ески автобусларды басқышпа-басқыш қала әтирапы ҳәм район
аймақларына жайластырылады.
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында 5
автовокзал, 17 автостанция ҳәм 1395 автобус аралық бәндиргилери бар. Усы жылдың
январь-сентябрь айлары даўамында Тақыятас районында жаңа автостанция қурылды
ҳәмде Нөкис қаласындағы Орайлық автовокзал толық реконструкцияланды.
Жуўмақластырып айтқанда, жәмийетлик транспорт тараўын еледе
раўажландырып, транспорт қатнаўыларын үзликсиз тәмийинлеўди турақлы түрде даўам
еттиремиз.