Қолланбаға муўапық, банкнотларда серия ҳәм сан, номинал баҳасының сөз бенен көрсетилиўи, төлемлердиң барлық түрлери ушын қабыл етиў мәжбүрий екенлиги, сондай-ақ, қәлбекилестиргени ушын жуўапкершилик ҳаққында жазыўлар болыўы керек.
Пул белгилери дизайнында Өзбекстанның тарийхы, миллий мәденияты, қәдириятлары ҳәм жетискенликлерин сәўлелендириўши сүўретлер, уллы ойшыллардың образларынан пайдаланылады.
Пул белгилериндеги барлық жазыўлар мәмлекетлик тилде (латын графикасына тийкарланған өзбек әлипбесинде) әмелге асырылады.
Буннан тысқары, пул белгилери инсан саламатлығы ушын қәўипсиз шийки заттан таярланыўы ҳәм заманагөй қорғаў элементлерине ийе болыўы керек.
Халық ҳәм исбилерменлердиң нақ пул алыў ҳуқықы кепилленбекте.
Банклер пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң нақ пулларды алыў ҳаққындағы мүрәжатларын олардың биринши талап етиўи менен үзликсиз, қарыйдарлардың есап бетлеринде бар қаржылар шеңберинде қанаатландырыўы шәрт.
Банклер де айланыстағы нақ пулларды номинал баҳасында иркинишсиз қабыл етеди.
Банкоматлар нақ пуллар менен тәмийинленеди.
Банклер турақлы түрде қарыйдарлардың нақ пулға болған талабын ҳәм банкоматлардағы нақ пул айланысын таллап барады.
Нақ пул жетиспеўшилиги күтилген жағдайда банклер қосымша қаржы тартыў илажларын көреди.
Пул белгилерин бийпул алмастырыў мүмкин.
Орайлық банк ҳәм коммерциялық банклер талап бойынша бир номиналдағы пул белгилерин басқа номиналдағы пул белгилерине ҳеш қандай төлем ямаса комиссия ҳақысыз алмастырады.
Жаңа банкнотлар ҳәм тыйынлардың айланысқа шығарылыўы ҳаққында халық кеминде бир ҳәпте алдын хабардар етиледи.