Соның ишинде, билимлендириў шөлкеминиң мүрәжаты тийкарында мәмлекетлик аккредитациядан өткериў ушын базалық төлем муғдары 4 есеге азайтылыўы мүмкин.

Бул имканият төмендеги шәртлерден бири болғанда қолланылады:

Өзбекстан Республикасы Президенти, Президент Администрациясы Баслығы ямаса Министрлер Кабинетиниң ҳүжжетлеринде белгиленген тапсырмаларды орынлаў мақсетинде тийисли билимлендириў бағдарламаларын мәмлекетлик аккредитациядан өткериў зәрүрлиги пайда болғанда;

егер билимлендириў шөлкеминде әмелдеги билимлендириў бағдарламаларының кеминде 50 проценти Өзбекстанда тән алынатуғын аккредитация шөлкемлериниң реестрине киргизилген аккредитация шөлкемлери тәрепинен аккредитацияланған болса, сондай-ақ, усы аккредитация нәтийжелеринен пайдаланыў арқалы баҳалаў жумысларының көлемин қысқартыў имканияты болса;

аралықтан турып арнаўлы мәмлекетлик аккредитациядан өткериў имканияты болғанда;

арнаўлы мәмлекетлик аккредитациядан өткериў ушын бир ўақыттың өзинде 10 ҳәм оннан артық билимлендириў бағдарламалары бойынша мүрәжат етилгенде;

түрлес билимлендириў бағдарламалары ушын улыўма болған материаллық-техникалық, кадрлар ямаса басқа да инфраструктураларды қайта баҳалаў зәрүрлиги болмағанлығы себепли аккредитациялаў жумысларының ҳақыйқый көлеми қысқарғанда.