Ҳүжжетлер менен 33 ведомстволық ҳүжжетке өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Пуқараларға ҳүжжетлерди электрон тәризде усыныў, тийисли шөлкемлерге қабыл етиў имканияты жаратылмақта.

Өзгерислерге бола, биометрикалық паспорт, ID-карта, туўылғанлық ҳәм неке ҳаққындағы гүўалықлар, пенсия гүўалығы, майыплық ҳаққындағы мағлыўматнама, урыс қатнасыўшысы гүўалығы ямаса студентлик гүўалығы сыяқлы ҳүжжетлердиң қағаз түрлериниң орнына my.gov.uz ҳәм "Социаллық карта" мобиль қосымшаларында олардың электрон нусқаларынан пайдаланыў мүмкин.

Санлы ҳүжжетлер:

банклерде - банк хызметлерин алыўда ҳәм финанслық операцияларды әмелге асырыўда шахсты тастыйықлаў ушын;

нотариал ис-ҳәрекетлер әмелге асырылғанда - нотариал уйымларда;

аэропортларда - ишки авиақатнаўларға дизимнен өтиўде;

урыс қатнасыўшыларына компенсация бериўде;

телекоммуникация хызметлерин көрсетиў шәртнамаларын рәсмийлестириўде;

қан ҳәм оның компонентлерин тапсырыўда - донор шахсын тастыйықлаў ушын;

ломбардлар менен шәртнамалар дүзиўде;

медициналық-социаллық мәкемелерде төлемли хызметлерден пайдаланыўда;

әскерий есапқа қойыўда ҳәм басқа да бир қатар хызметлерди алыўда.

Мағлыўмат ушын: Ҳүкимет қарары (№ 897-санлы 27.12.2024-ж.) менен жеке ҳүжжетлердиң бирден-бир санлы хызметлери енгизилген.