Мәлим етилиўинше, Санлы технологиялар министрлиги ҳәм “Google” менен биргеликте Google’дың халықаралық верификация бойынша бирге ислесиўши платформасы “SheerID” Өзбекстанды рәсмий қоллап-қуўатланатуғын мәмлекетлер дизимине киргизген.
Бул арқалы студентлер “Google” верификациясынан өтип, бир жыллық “Google Gemini AI Plus” жазылыўын бийпул әмелге асырыўы мүмкин.
“Google Gemini AI Plus” жазылыўы жасалма интеллекттен оқыў, изертлеў ҳәм дөретиўшилик жойбарларда пайдаланыў ушын бир қатар имканиятларды усынады.
Соннан:
“Gemini”: пайдаланыў лимитлери асырылады ҳәм алдынғы “Flash Thinking” моделине кириў имканияты бериледи.
400 ГБ булытлы яд: “Google Photos”, “Google Drive” ҳәм “Gmail” хызметлери ушын улыўмалық яд усыныс етиледи.
“Google Flow”: жасалма интеллект жәрдеминде кинематографиялық сахналар ҳәм гүрриңлер жаратыў имканияты.
“Gmail’да Gemini”: электрон почта хызмети ишинде жасалма интеллекттен тиккелей пайдаланыў.
“Gemini Notebook”: аудио ҳәм видеоматериалларды қысқаша баянлаў, тестлер таярлаў ҳәм изертлеўлерге жәрдем бериўши функциялардан пайдаланыў.
Жасалма интеллект тийкарындағы музыка студиясы: музыка жаратыўға мөлшерленген қураллардан пайдаланыў.
Студентлер “Google” верификациясынан өтиў ушын “Aileaders.uz” платформасы арқалы мүрәжат етиўи мүмкин.
Сондай-ақ, платформада дүняның жетекши компанияларына тийисли жасалма интеллект бойынша 100 ден аслам халықаралық курсларды бийпул үйрениў имканияты да усыныс етилмекте.
Жасалма интеллект тараўында өз жойбарларын ислеп шығыўды қәлеўшилер болса “Startupbase.uz” платформасы арқалы стартап басламаларын раўажландырыў имканиятлары менен танысыўы мүмкин.