Кейинги жылларда аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў көлеми
кеңейип, субсидиялар бериў процесслери басқышпа-басқыш санластырылмақта.
Быйылғы жылы тармақта субсидиялардың бағдарлары ҳәм түрлери сәйкес түрде 29 ҳәм
91 ге жеткерилип, бул мақсетлер ушын 2,7 триллион сум қаржы нәзерде тутылған.
Бир қатар бағдарлар бойынша талапнамалар проактив түрде қәлиплестирилмекте,
төлемлерди әмелге асырыў мүддетлери сезилерли қысқартылған.
Презентацияда субсидиялар тек ғана қәрежетти қаплаўға қаратылмай, ал анық
нәтийжелерге қаратылыўы зәрүр екенлиги атап өтилди. Келеси жылдан "қаржы
ажыратыў" моделинен басқышпа-басқыш "нәтийжели субсидия"
системасына өтиў усыныс етилди.
Жаңа системада
өнимдарлық, суў ҳәм энергияны үнемлеў, жумсалған ресурс бирлигине алынған өним
көлеми тийкарғы өлшем болады. Барлық мағлыўматлар тийисли мәмлекетлик уйымлар
ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системаларынан инсан факторысыз алынады. Ҳәр бир
субсидия алыўшының электрон паспорты қәлиплестирилип, нәтийжелер онлайн түрде
бақлап барылады.
Дәслеп, бул
механизм суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў тараўында сынақтан
өткериледи. Субсидия берилгеннен кейин еки-үш жыл даўамында суўдың жумсалыўы,
зүрәәтлилик ҳәм суўдан пайдаланыў нәтийжелилиги баҳаланады. Белгиленген
көрсеткишлер орынланбаған жағдайда субсидия қаржыларын қайтарыў механизми
қолланылады. Бул мәмлекет қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўды
тәмийинлеў имканиятын береди.
Презентацияда
аўыл хожалығында қамсызландырыў системасын жетилистириў мәселелерине айрықша
итибар қаратылды. Ҳәзирги ўақытта «Agrosafe» мәлимлеме системасы арқалы
электрон арза бериўден баслап, шәртнама ҳәм полисти рәсмийлестириў, мониторинг
ҳәм экспертиза өткериў, қамсызландырыў төлемин төлеў сыяқлы көплеген процесслер
санластырылған.
Бағ ҳәм жүзим
атызларындағы нәл ҳәм тереклер, импорт етилип атырған шарўа маллары, тосаттан
жүз бериўши ҳәдийселерге байланыслы қәўип-қәтерлерди қамтып алыўды кеңейтиў
режелестирилген. Буннан тысқары, шарўашылық, палыз, картошка ҳәм пияз
жетистириўде жаңа қамсызландырыў өнимлери енгизиледи.
2027-жылы 45 мың
аўыл хожалығы кәрханасын қамсызландырыў менен қамтып алыў, аўыл хожалығы
өнимлерин қамсызландырыўды 60 процентке жеткериў, 500 еркин эксперт таярлаў ҳәм
қамсызландырыў хызметлерин толық санластырыў мақсет етилген.
Жаңа көзқарас
шеңберинде зыян ақыбетлерин қаплаў менен бирге қәўип-қәтерлердиң алдын алыўға
да тийкарғы итибар қаратылады. Арнаўлы қорда қамсызландырыў сыйлығының 3-5
процентин қәлиплестирип, бул қаржыларды шарўашылықта шаншыў, профилактикалық
ҳәм ветеринария хызметлери, пахташылық ҳәм ғәллешиликте биологиялық қорғаў
илажлары, бағшылық ҳәм жүзимгершиликте тәбийғый апатшылықлардан қорғаў
қуралларын орнатыўға бағдарлаў усынысы билдирилди.
Мәмлекетимиз
басшысы субсидия ҳәм қамсызландырыў системалары, бәринен бурын, фермерлер ушын
әпиўайы ҳәм қолайлы болыўы, мәмлекет қаржыларын анық нәтийжеге қаратыў зәрүр
екенлигин атап өтти. Инсан факторын қысқартыў ҳәм процесслерде ашық-айдынлықты
тәмийинлеў, қамсызландырыў жағдайларын әдил баҳалаў, қамсызландырыў төлемлерин
жедел төлеў бойынша тапсырмалар берилди.
Жуўапкерлерге
усынысларды жетилистирип, тийисли нызам ҳүжжетлериниң жойбарларын киргизиў
бойынша тапсырмалар берилди.