Автоматикалық бақлаў қалай ислейди?
Онлайн қадағалаў-касса техникаларында (онлайн-ККТ) санлы маркировкалаў кодларын тексериў - валидлеў механизми енгизилген болып, ол төмендегилерди нәзерде тутады:
1. Кодты мәжбүрий сканнерлеў. Егер маркировка коды сканерленбеген болса, система касса чекти рәсмийлестириўди блоклайды.
2. Кодлардан қайта пайдаланыўдан қорғаў. Егер код алдын басқа товарды сатыўда қолланылған ҳәм айланыстан шығарылған болса, система автоматикалық түрде қайта сатыўды қадаған етеди.
Мәселен, контрафакт өнимге алдын пайдаланылған оригинал өним коды қойылған болса, система қағыйданың бузылғанын анықлайды ҳәм чекти рәсмийлестириўди блоклайды.
3. Сақланыў мүддетин қадағалаў. Маркировкаланган товардың мүддети өтип кеткени анықланса, система автоматикалық тәризде оны онлайн-ККТ арқалы сатыўды блоклайды.
Буннан тысқары, системада сатыўшыға келип түскени ҳаққында мағлыўмат болмаған маркалы товарларды сатыў жағдайлары анықланады. Бундай жағдайлар бойынша исбилерменлерге нызамбузыўшылықларды сапластырыў зәрүрлиги ҳаққында рәсмий түрде хабарнама жибериледи.
Тутыныўшылар нелерге итибар қаратыўы керек?
Салық комитети пуқараларға тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм сапасыз ямаса нызамсыз өнимлерди сатып алыўдан сақланыўға жәрдем беретуғын бир қатар қағыйдаларға әмел етиўди усыныс етеди:
Әлбетте, касса чекин талап етиң ҳәм онда көрсетилген атаманың ҳақыйқатта сатып алынған товарга сәйкес келиўин тексериң.
Алкоголь өнимлери, пиво, темеки өнимлери, турмыслық техника, дәри-дәрмақ қураллары, суў ҳәм салқын ишимликлерде санлы маркировка коды (Data Matrix) бар екенлигин тексериң.
Сақланыў мүддетине итибар бериң ҳәм мүддети өткен өнимлерди сатып алмаң.
Товар ҳаққындағы бар болған мағлыўматты алыў имканиятын беретуғын «Soliq» мобиль қосымшасы жәрдеминде маркировкалаў кодын тексериң.
Енгизилген механизмлер сатыўдағы нызамбузыўшылықларды автоматикалық түрде анықлаў, товарлардың нызамсыз айланысына тосқынлық етиў ҳәм саўданың ашық-айдынлығын арттырыў имканиятын береди.