"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, бүгин азаннан-ақ ҳаўа райы өзгерип, аспанда бултлы массивлер пайда болып, самал есип турған. Ҳаўа райының өзгериўи суўық ҳәм ығал ҳаўа массасы кирип келиўи менен байланыслы. Күн даўамында республика бойынша айырым орынларда жаўын жаўады, айырым жерлерде күшли жаўын болыўы мүмкин, айырым жерлерде гүлдирмама болыўы мүмкин, тек ғана Ферғана ойпатында жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Сондай-ақ, бүгин самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейип, айырым жерлерде шаң-тозаң жаўыўы менен бақланады. Ҳаўаның температурасы 15-20° жыллы, арқада 8-13° жыллы болады.

Ертең, 10-ноябрь күни суўық ҳәм ығал ҳаўа массасының кирип келиўи сезилерли болады, республика бойынша жаўын-шашын болыўы, айырым жерлерде күшли болыўы, гүлдирмама болыўы, Қарақалпақстан Республикасы бойынша жаўын қарға айланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 7-12° жыллы, күндиз 10-15° жыллы, арқада түнде 0-5° жыллы, күндиз 5-10° жыллы.

11-ноябрь күни Өзбекстанның үлкен бөлиминде жаўын, айырым жерлерде күшли жаўын жаўады, Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Наўайы ўәлаятларында жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы түнде 3-8° жыллы, күндиз 7-12° жыллы, арқада түнде 2-7° суўық, күндиз 3-8° жыллы болады.

12-ноябрь күни республика бойынша жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5° жыллы, айырым жерлерде 2° суўыққа шекем, күндиз 7-12° жыллы, арқада түнде 2-7° суўық, күндиз 3-8° жыллы.

13-ноябрь күни Өзбекстан бойынша айырым жерлерде жаўын жаўыўы мүмкин, Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Наўайы ўәлаятларында жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5° суўық, айырым жерлерде 2° суўық, күндиз 7-12° жыллы, арқада түнде 2-7° суўық, күндиз 5-10° жыллы болады.

Ташкентте: бүгин ўақты-ўақты менен жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың бағыты шығыстан тезлиги 3-8 м/с, батыстан тезлиги 11-13 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Температура 18-20° жыллы.

Ертең, 10-ноябрь күни пайтахтымызда ҳаўа алағат бултласып, жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың бағыты батыстан 3-8 м/с тезликте еседи, 10-12 м/с қа күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде ҳәм күндиз 12-14° жыллы.

11-ноябрь, сәршемби күни ўақты-ўақты менен жаўын жаўады. Самалдың бағыты батыстан тезлиги 3-8м/с. Ҳаўаның температурасы түнде 5-7° жыллы, күндиз 8-10° жыллы болады.

12-ноябрьде жаўын-шашын болмайды. Самалдың бағыты арқа-шығыстан тезлиги 3-8м/с. Ҳаўаның температурасы түнде 1-3° жыллы, күндиз 10-12° жыллы.