"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, дем алыс күнлери Өзбекстан аймағының көпшилик бөлиминде қурғақ ҳәм ыссы ҳаўа-райы сақланып турады, тек ғана Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының айырым аймақларында жаўын жаўыўы мүмкин.
Ҳаўаның тийкарғы температурасы 6-8-ноябрь күнлери түнде 14-17гр жыллы, күндиз 25-27гр жыллы, қубла районларда 30гр жыллы.
Самалдың бағыты шығыстан тезлиги 7-12 м/с, 6-8-ноябрьде айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.
Өзбекстанның таў алды ҳәм таўлы аймақларында айырым жерлерде жаўын жаўады, 6-ноябрь күни айырым жерлерде күшли болады, бәлент таўларда қарға айланыўы мүмкин.
Ташкентте: 6-ноябрь күни кеште жаўын жаўыўы күтиледи, 7-8-ноябрь күнлери жаўын-шашын болмайды.
Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи.
Ҳаўаның температурасы түнде 13-15гр жыллы, күндиз 24-27гр жыллы болады.