"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, пайтахтымызда кеште бираз жаўын жаўыўы мүмкин. Самалдың тезлиги 3-8 м/с, айырым жерлерде шаң-тозаң менен 10-12 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Температура 20-22° жыллы.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде жаўын, айрым жерлерде күшли жаўын жаўыўы мүмкин. Бәлент таўлы аймақларда жаўын-шашын қарға айланыўы мүмкин. Сел-суў өтиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с. Температура 10-15° жыллы.