Өзгидромет прогнозларына бола, ноябрь айының биринши он күнлигинде түнде ҳаўаның температурасы 5-10 градус жыллы, күндиз болса 17-22 градус жыллы болады.

Айдың екинши ҳәм үшинши он күнликлеринде температура фоны төменлеўи күтилмекте. Бул дәўирде түнде ҳаўа температурасы 3-8 градус жыллыдан 2 градус суўық ҳәм 3 градус жыллыға шекем, күндиз болса 15-20 градус жыллыдан 5-10 градус жыллыға шекем өзгериўи мүмкин.

Ноябрь айында Өзбекстанның айырым аймақларында жаўын жаўыўы прогноз етилмекте. Температура төменлеген дәўирлерде жаўын қысқа мүддетке қарға айланыўы да мүмкин. Таўлы аймақларда болса биринши қар қапламының қәлиплесиўи күтилмекте.

Айлық жаўын-шашын муғдары республика аймағының үлкен бөлегинде норма әтирапында, айырым жерлерде болса нормадан аз болыўы прогноз етилген.

Ноябрь гүз мәўсиминиң соңғы айы болып, бул дәўирде ҳаўа температурасы октябрь айына салыстырғанда сезилерли дәрежеде төменлейди. Климатлық мағлыўматларға бола, ноябрь айында орташа температура октябрьге салыстырғанда 6-7 дәрежеге, арқа ҳәм шөл аймақларында болса 8-9 дәрежеге төмен болады.

Улыўма етип айтқанда, кирип киятырған ноябрь айы Өзбекстанда гүзден қысқа өтиў дәўири болып, температураның әсте-ақырын төменлеўи, жаўынлы күнлердиң көбейиўи ҳәм айырым аймақларда биринши қар жаўыўы менен характерленеди.