Жаўын-шашынның азлығы, самал ҳәм атмосфера ҳаўасының тәбийғый алмасыўы менен байланыслы процесслер усылар қатарына киреди.

Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң мәлим етиўинше, Ташкентте усы жылдың октябрь айының 26-сәнесине шекем тек ғана 3,9 миллиметр жаўын-шашын бақланған. Айлық норма болса 23,7 миллиметрди қурайды. Демек, жаўын-шашын муғдары нормаға салыстырғанда дерлик 6 есеге аз болған.

Комитеттиң мағлыўматларына бола, жаўын-шашын аз болыўы ҳаўадағы шаң бөлекшелериниң жуўылып кетиўин төменлетеди ҳәм олардың атмосферада топланыўына шараят жаратады.

Климат өзгериўи миллий орайының директоры, техника илимлери бойынша философия докторы Фаррух Саттаровтың атап өтиўинше, соңғы он жыллықта атмосфера ҳаўасының тәбийғый алмасыўы менен байланыслы процесслерде де өзгерислер бақланған.

Атап айтқанда, суўық ярым жыллықта күшли самал ҳәм жаўын-шашын азлығы менен байланыслы қолайсыз метеорологиялық шараятлар алдынғы жылларға салыстырғанда 57 процентке көбейген. Бундай шараятлар ҳаўаның тәбийий түрде тазаланыўын қыйынластырыўы мүмкин.

Комитет тәрепинен ҳаўа сапасындағы өзгерислер ҳәм шаң массаларының ҳәрекети тек ғана мониторинг станциялары емес, ал жасалма жолдаслар арқалы да бақланбақта.

Октябрь айының 1-26-күнлери бойынша SILAM модели тийкарында жасалма жолдас сүўретлери талланып, олар ҳаўа сапасы индекси (AQI) менен салыстырылды.

Таллаўлар шаң массалары Ташкент қаласы ҳәм оған тутас аймақларға кирип келген дәўирлерде ҳаўа сапасы индекси де көтерилгенлигин көрсеткен.

Мәселен, октябрь айының 4-5-күнлеринде жаўын-шашын бақланған ҳәм AQI индекси 66-71 дәрежеде болған. Кейинги күнлерде болса жаўын-шашын азлығы ҳәм шаң массаларының топланыўы фонында ҳаўа сапасы жаманласқан.

Европаның EUMETSAT платформасы ҳәм де Meteosat жасалма жолдасынан алынған сүўретлерде 25-26-октябрь күнлери Ташкент қаласы ҳәм оның әтирапында ири шаң массалары бақланған.

Бул процесс Ташкент қаласы ҳәм ўәлаяты, сондай-ақ, бир бөлеги Сырдәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятларын қамтып алған.

Қәнигелердиң болжаўларына бола, шаң массаларының тәсири ҳәм ҳаўаның патасланыўы менен байланыслы қолайсыз шараятлар келеси ҳәптениң басына шекем даўам етиўи мүмкин.

Комитеттиң атап өтиўинше, ҳаўа сапасының жаманласыўына ҳәр қыйлы факторлар тәсир көрсетеди. Сонлықтан жағдайды дурыс баҳалаўда метеорологиялық шараятлар, шаң массаларының ҳәрекети ҳәм мониторинг мағлыўматларын биргеликте таллаў әҳмийетли есапланады.