Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Сыртқы бийғәрез көмек қаржыларын (грантларды) тартыў ҳәм донорлар менен ислесиў орайы директоры Камалатдин Идирисов ҳәм директор орынбасары Миратдин Пахратдинов қатнасты.

Сөйлесиўлер FAOның Жер ҳәм суў ресурслары департаменти Геокеңислик мағлыўматлары бөлими баслығы Ливия Пейзер ҳәм жуўапкер ўәкили Ферас Зиадат пенен алып барылды. Ушырасыўда Қарақалпақстанда жер ҳәм суў ресурсларын турақлы басқарыў ҳәм тараўға заманагөй технологияларды енгизиўге қаратылған жойбар усыныслары көрип шығылып, келешектеги бирге ислесиў бағдарлары белгилеп алынды.