Сөйлесиўде еки мәмлекет арасындағы сиясий ҳәм парламентлераралық байланысларды жолға қойыў перспективалары додаланды, сондай-ақ, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша пикир алысылды.
Ушырасыўда Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, атап айтқанда, социаллық-экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў, инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўға қаратылған илажлар, сондай-ақ, сырт ел инвестицияларын тартыў, жеке меншик сектордың белсендилигин арттырыў ҳәм турақлы экономикалық перспективалары ҳаққында сөз болды.
Танзания Миллий ассамблеясының Спикери Өзбекстан ҳәм Танзания арасында дипломатиялық қатнасықларды орнатыў ҳаққындағы Биргеликтеги коммюнике жойбарын қабыл етиў процесин жеделлестириўге белсене қатнасыўға таяр екенин атап өтти. Бул ҳүжжеттиң қабыл етилиўи парламентлераралық қатнасықларды раўажландырыў ушын ҳуқықый-сиясий тийкар жарататуғыны атап өтилди.
Сөйлесиў даўамында еки мәмлекет парламентлери арасындағы байланысларды избе-из раўажландырыўға итибар қаратылды. Парламентлераралық сөйлесиўди институционаллық жақтан беккемлеў мақсетинде Өзбекстан ҳәм Танзания парламентлеринде бирге ислесиў бойынша топарларды дүзиў бойынша келисимге ерисилди.