Ушырасыўда парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм аймақлараралық байланысларды кеңейтиў мәселелери додаланды.
Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерация Кеңеси менен бирге ислесиў бойынша комиссиясының жумысына айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, Комиссияның 2027-жылға мөлшерленген жумыс режесин ислеп шығыў, сондай-ақ, парламентлер тәрепинен аймақларда әмелге асырылып атырған биргеликтеги жойбарларды қоллап-қуўатлаў мәселелери көрип шығылды.
Аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери ушырасыўдың әҳмийетли темаларынан бири болды. Өзбекстанның 14 аймағы Россияның 50 ден аслам субъекти менен бирге ислесип атырғаны атап өтилди. Санаат, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм логистика тараўларында 200 ден аслам қоспа жойбарлар әмелге асырылмақта.
Билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланысларды кеңейтиў мәселелери бойынша да пикир алысылды.