Илаж Кумушкан қаласындағы "Алтын бел" туристлик комплексинде болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы бир жыл бурын бул жерде ири туризм комплексин шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылғанын атап өтти. Жергиликли жойбарлаўшы, қурылысшы ҳәм ислеп шығарыўшыларды тартыў арқалы қысқа ўақытта 47 гектар майданда заманагөй дем алыў орны қурылды.

Комплекс бир ўақыттың өзинде 6 мыңға шамалас адамға хызмет көрсетиў имканиятына ийе. Бул жерде 600 жумыс орнын жаратыў, 300 қәниге таярлаў нәзерде тутылған. Комплексти қурыў ҳәм үскенелеўде жергиликли кәрханалар өниминиң үлеси 95 процентти қурағаны жойбар баҳасын 20 процентке азайтыў имканиятын берди.

Бул тәжирийбени басқа аймақларда да кеңнен қолланыў, қурылыс ҳәм туризмди бир-бирин толықтыратуғын, бир-бириниң имканиятын арттыратуғын тараўлар сыпатында раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ушырасыў алдынан қурылыс материаллары санаатында ерисилген нәтийжелер ҳәм бар потенциал талланды.

Кейинги он жылда тараўға 12 миллиард доллар инвестиция киргизилип, 5 мыңнан аслам заманагөй кәрханалар иске қосылған. Усы жылы өндирис көлеми 2016-жылдағы 7 триллион сумнан 65 триллион сумға, экспорт болса 75 миллион доллардан 1,5 миллиард долларға артыўы күтилмекте.

Елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыслар, ири инвестициялық жойбарлар елимиз өнимлериниң үлкен базарын қәлиплестирмекте. Қалаберди, қоңсы мәмлекетлер ҳәм басқа да жақын сырт еллерде де оған талап жоқары.

Жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўды көбейтиў, сыртқы базарларда жергиликли кәрханаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм логистика имканиятларын кеңейтиў есабынан тараў экспортын жақын жылларда 5 миллиард долларға жеткериў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Соның менен бирге, өнимлердиң сапасын, дизайнын ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыў әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта. Мәмлекетимизде 161 түрдеги қурылыс материаллары бойынша ишки талапты қанаатландырыў ушын жетерли қуўатлықлар жаратылған болса да, айырым түрдеги өнимлердиң жыллық импорт көлеми 780 миллион долларды қурамақта.

Сол себепли ишки базардың талабын толық үйренип, заманагөй технологиялар ҳәм халықаралық брендлерди тартқан ҳалда жаңа өндирис қуўатлықларын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды. Атап айтқанда, Зангиата районында Түркияның «Betek» компаниясы менен биргеликте баҳасы 30 миллион долларлық лак-бояў өнимлерин ислеп шығарыў заводының қурылысы басланып атырғаны атап өтилди.

Ири стратегиялық жойбарларды жергиликли қурылыс материаллары менен тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Мысал ушын, Жиззақ ўәлаятында атом электр станциясын қурыў ушын 2,2 миллиард долларлық қурылыс материаллары талап етиледи.

Усы мақсетте Егизбулақ мәҳәллесинде 200 гектар майданда арнаўлы санаат зонасы шөлкемлестирилип, 70 түрдеги жаңа өнимлер ислеп шығарыў режелестирилген. Жуўапкерлерге ири жойбарларда импорттың орнын басатуғын ҳәм талап жоқары болған өнимлерди анықлап, улыўма баҳасы 20 миллиард долларлық жойбарлар бойынша әмелий жумысларды баслаў бойынша тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, жоқары қосымша қунлы жаңа түрдеги өнимлер ислеп шығарыўды шөлкемлестириў ушын жеңиллетилген қаржы ресурсларын ажыратыў, кәрханаларға энергияны үнемлейтуғын үскенелер сатып алыў менен байланыслы қәрежетлердиң бир бөлегин қаплап бериў илажлары белгиленди.

Саяманлы тас ислеп шығарыў санаатында шийки затты терең қайта ислеў ҳәм шығындылардан нәтийжели пайдаланыў имканиятлары көрип шығылды. Жаңа кәнлерди "ноль шығынды" принципи тийкарында өзлестириў, бар кәнлер жанында қайта ислеў кәрханаларын шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысы қурылыс өзине түсер баҳасын азайтыў, бюджет қаржыларынан ақылға уғрас пайдаланыў мәселелерине де тоқтап өтти. Айырым аймақларда бундай объектлердиң қурылыс баҳасы ҳәр қыйлы екени сынға алынды. Буның себеплери қатарында дәлдалшылардың көплиги, жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине бир неше мәрте өзгерислер киргизилгени атап өтилди.

Келеси жылдан бюджет қаржылары есабынан қурылатуғын объектлерде тийкарынан жергиликли өнимлерден пайдаланыў тәртиби енгизиледи. Мәмлекетлик сатып алыўлар порталында жергиликли ислеп шығарыўшылар ушын арнаўлы саўда майданшасы шөлкемлестириледи.

Буннан тысқары, Жаңа Ташкентте қурылыс ислеп атырған исбилерменлерге жергиликли қурылыс материалларын сатып алыў ушын 200 миллион доллар кредит линиясы ашылады.

Ташкент, Ферғана ҳәм Самарқанд қалаларында қурылыс материалларының сапасын қадағалаў ҳәм халықты қәўипли өнимлерден қорғаў бойынша 3 заманагөй сынақ лабораториясы шөлкемлестириледи. Жойбарлаў институтларын трансформациялаў, қурылысқа алдынғы технологияларды енгизиў ҳәм бул процесске жеке меншик инвесторларды тартыў бойынша да ўазыйпалар белгиленди.

Ушырасыўдың кейинги бөлими туризмди раўажландырыў, хызметлер сапасын арттырыў ҳәм тараўға инвестицияларды тартыў мәселелерине бағышланды.

Усы жылдың басынан берли елимизге 11,6 миллион сырт ел туристи келген. Кейинги еки жылда узақ сырт еллерден келген туристлердиң бул жерде болыўы орташа 6,5 күннен 8 күнге шекем көбейди. Төлеў қәбилети жоқары туристлердиң үлеси 14 проценттен 21 процентке, бир туристтиң орташа қәрежети 21 процентке артты.

Президентимиз енди тараўда туристлердиң санын көбейтиў менен бирге тийкарғы итибарды хызметлердиң сапасын арттырыўға қаратыў, туристлердиң елимизде көбирек қалыўы ҳәм көбирек қаржы жумсалыўы ушын шараят жаратыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Оның ушын тараўда исбилерменликти қоллап-қуўатлаў илажлары кеңейтилмекте. Мийманханалар қурыў ушын жеңиллетилген қаржы ресурслары ажыратылмақта, жер ҳәм мүлк салығы бойынша жеңилликлер 2030-жылға шекем созылды. Туроператорлар ҳәм туристлик транспорт хызметлерин көрсететуғын кәрханалар ушын да қосымша жеңилликлер енгизилди.

Жақын келешекте қабыл етилиўи режелестирилип атырған Туризмди раўажландырыў стратегиясы шеңберинде сырт елли туристлердиң санын 20 миллионға жеткериў, тараўдың экономикадағы үлесин 7 процентке, туризм хызметлериниң экспортын 10 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген.

Аймақларда жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын қосымша 5 мың гектар жер таярланады. Буннан тысқары, бир ай мүддетте улыўма баҳасы 11 миллиард доллар болған туризм жойбарларының қәлиплестирилген портфелин әмелге асырыўға кирисиў бойынша тапсырма берилди.

25-27-ноябрь күнлери Ташкент қаласында өткерилетуғын туризм тараўындағы биринши халықаралық инвестициялық форум жаңа жойбарларды алға қойыўда әҳмийетли майдан болатуғыны атап өтилди. Онда 25 тен аслам мәмлекеттен 100 ден аслам ири инвесторлар қатнасыўы күтилмекте. Аймақлар басшыларына форум шеңберинде анық инвестициялық келисимлерге ерисиў ўазыйпасы қойылды.

Туризм объектлериниң жыл даўамында жумыс ислеўин тәмийинлеў, саўда ҳәм кеўилашар хызметлер көлемин кеңейтиў, бар инфраструктурадан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Аймақлардағы конгресс орайлары, мийманханалар ҳәм туристлик комплекслерде ири халықаралық илажларды турақлы өткерип барыўға айрықша итибар қаратылды. Буннан былай ҳәр бир министр өз бағдары бойынша ҳәр жылы мәмлекетимизде халықаралық шөлкемлердиң кеминде 3-4 ири илажын шөлкемлестириўге жуўапкер болады. Ҳүкиметке еки жылға мөлшерленген тийисли жумыс режесин тастыйықлаў тапсырылды.

Туризмниң жаңа бағдарларын раўажландырыў шеңберинде ҳаўа шарлары, параплан ҳәм делтапланлардан пайдаланған ҳалда хызметлерди жолға қойыў имканиятлары додаланды. Бундай жумысларға руқсат алыў тәртибин әпиўайыластырыў, келеси жылдың өзинде ҳәр бир аймақта кеминде биреўден усындай хызметлерди көрсетиў объектлерин шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Туристлик жөнелислер бойынша транспорт қатнаўларын саяхатшылардың талабына бейимлестириў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Айырым жөнелислерде поездлардың туўры ҳәм кери жөнелислерде қатнаўы туристлерге аймақ пенен толық танысыў имканиятын бермей атырғаны атап өтилди. Жуўапкерлерге бир ай мүддетте темир жол ҳәм ишки авиақатнаўлар режесин қайта көрип шығыў ўазыйпасы қойылды.

Халықаралық авиақатнаўлар географиясын кеңейтиў де әҳмийетли ўазыйпа етип белгиленди. Ҳәзирги күнде Өзбекстаннан дүньяның 102 қаласына тиккелей авиақатнаўлар әмелге асырылмақта. Сырт ел авиакомпанияларын жаңа жөнелислерге, соның ишинде, "бесинши ҳаўа еркинлиги" режиминен пайдаланған ҳалда тартыў бойынша тапсырмалар берилди.

Буннан тысқары, туристлер ушын қолайлы төлем хызметлерин шөлкемлестириў, халықаралық төлем системалары менен интеграцияны кеңейтиў, туристлик орынларда мобил саўда шақапшаларын көбейтиў илажлары белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысы туризм тараўында пидайы хызметкерлерди хошаметлеў мәселесине де тоқтап өтти. "Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен туризм хызметкери" ҳүрметли атағын шөлкемлестириў басламасы шеңберинде тараўдың раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан хызметкерлерди Ғәрезсизлик байрамы алдында сыйлықлаў усыныс етилди.

Ушырасыў соңында Президент Шавкат Мирзиёев инвестор ҳәм исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесип, олардың пикир-усынысларын тыңлады.

Соның менен мәмлекетимиз басшысы Паркент районына сапарын жуўмақлап, Ташкентке қайтты.