- 2026-жылы 22,1 гектар ғәлле майданымызда жаўынлатып суўғарыў технологиясынан пайдаландық. Нәтийжеде вегетация дәўиринде 33 мың куб метр суўды үнемлеўге еристик. Тәжирийбеден келип шығып, келеси жылдың зүрәәти ушын егилген ғәлле майданларында да усы технологияны енгизиў ушын тармақты кеңейттик, — дейди фермер хожалығының басшысы Әдилбек Утамбетов.
"Суўшылар мектеби" жойбары шеңберинде ҳәр бир районда биреўден фермер хожалығының пахта ҳәм ғәлле атызларында оқыў-тәжирийбе майданлары шөлкемлестирилмекте. Оларда суўды үнемлейтуғын технологиялар көрсетилип, фермер ҳәм дийқан хожалықларының ўәкиллери ушын семинар-тренинглер өткерилмекте.
Бундай жумыслар алдыңғы тәжирийбелерди ғалаба ен жайдырыў ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўға хызмет етпекте. Ҳәзирги күнлерде аймақларда 2027-жыл зүрәәти ушын ғәлле егилген майданларда жаўынлатып суўғарыў технологияларын орнатыў ҳәм монтажлаў жумыслары орынланбақта. Тамшылатып суўғарыўда суў арнаўлы труба ҳәм тамызғышлар арқалы тиккелей өсимлик тамырына жетеди. Ығаллық керекли жерге, керекли муғдарда берилгени ушын зая болыў азаяды. Төгиннен пайдаланыў нәтийжелилиги артады. Жаўынлатып суўғарыў болса суўды атызға бир тегис тарқатады. Дискрет суўғарыўда суў қарықларға тәнепис пенен берилип, оның атыз бойлап тең өлшеўли ҳәрекетлениўине ерисиледи. Ийилиўшең қубырлар ашық арналардағы шығынларды азайтады.
Таллаўларға бола, заманагөй суўғарыў усыллары белгили шараятларда суўдың жумсалыўын 45-50 процентке шекем, жанылғы-майлаў материаллары ҳәм минерал төгинлердиң қәрежетлерин 25-35 процентке шекем азайтады. Өнимдарлықты болса 15-20 процентке шекем арттырыў имканиятын бермекте. Усы мәнисте, суўды үнемлеў фермер ушын экономикалық пайда да келтиреди.
Суўды үнемлеў ҳаққында сөз болғанда, балықшылықты раўажландырыўға да тоқтап өтиў зәрүр. Глобал климат шараятында бул тараўда да заманагөй технологияларды енгизиў, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады. Президентимиздиң 2026-жыл 2-июльдеги "Балықшылық тармағын раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы бул бағдарда әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет болып хызмет етпекте. Онда интенсив усылда балық жетистириў, суў бассейнлерин заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў ҳәм өндирис процесслерин автоматластырыў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар белгиленген.
Нөкис районындағы "Жалал Қара Нөкис" балықшылық хожалығында тараўдағы жаңа имканиятлар ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў мәселелерине бағышлап өткерилген көргизбели семинарда атап өтилгениндей, Қарақалпақстанда 2026-жылы 25 мың, 2027-жылы 35 мың тонна балық жетистириў мақсет етилген. Онда интенсив технологияларды енгизиў, өндиристи санластырыў ҳәм суў объектлеринен пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыўға итибар қаратылмақта.
- Суў хожалығы шөлкемлериниң балықшылықты раўажландырыўдағы жуўапкершилигине айрықша итибар қаратып атырмыз. Суў жеткерип бериўде балықшылық хожалықлары менен шәртнама тийкарында ислеп атырмыз. Онда интенсив усылда жумыс алып барып атырған хожалықлардың талабын есапқа алып, суўды үзликсиз жеткерип бериў әҳмийетли ўазыйпамыз, — дейди Қарақалпақстан суў хожалығы министри Бахтияр Юсупов. - Сондай-ақ, суў жеткерип бериў өндирислик режелерге сәйкесленген. Бул жумыслар ысырапгершиликтиң алдын алыў ҳәм бар резервлерден мақсетли пайдаланыў имканиятын береди.
Интенсив усылда балық жетистиретуғын хожалықларға қуяш панельлерин сатып алып, орнатыў қәрежетлериниң 25 проценти, ҳәр бир киловатт ушын 1 миллион сумнан аспаған муғдарда субсидия ажыратыў нәзерде тутылған. Альтернатив энергия дәреклери менен үскенеленген заманагөй аэраторлар қәрежетлериниң 50 проценти, бирақ 5 миллион сумнан көп болмаған бөлеги де қаплап бериледи. Бундай имканиятлар өз-өзинен интенсив усылда балық жетистириўге қызығыўшылықты күшейтип, үнемли усылда көбирек өним алыўды кеңейтеди.
- Президентимиздиң пәрманы балықшылық тараўында бир қанша жаңа имканиятлар есигин ашты. Соның ишинде, шеттен алып келинетуғын нәсилли ана балықлар ушын субсидиялар ажыратылмақта. Сырттан ихтиолог қәнигелер алып келингени ушын да айлық субсидиялар бериледи. Ҳәзир балық жетистириў және де көбейип, тараўда үлкен әмелий жумыслар исленбекте, — дейди "Өзбекбалықсанаат" ассоциациясы бөлим баслығы Дулов Довуров.
Пәрман менен Өзбекстан Суў хожалығы министрлиги жанында Балықшылықты раўажландырыў орайы шөлкемлестирилди. Ол балықшылық тармағында мәмлекетлик басқарыўды жетилистириўге хызмет етеди.
- Пәрманда азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, балық өзине түсер баҳасын турақлы сақлаў илажлары, балықшылық хожалықлары, субъектлерге жеңилликлер көрсетип өтилген. Мәселен, хожалықларға 14 процентлик кредит бериледи. Егер кредит 2 жыллық мүддетке алынса, 9 айға шекем төлемнен жеңиллик бар. Бул мүддет хожалық артықша қәрежетсиз балық жетистирип алыўы, базарға шығарғаннан кейин төлемди баслаўына имканият береди. Бирден дәраматқа кирмейтуғын бағдардағы исбилерменликте бул оғада әҳмийетли жеңиллик, — дейди Өзбекстан Суў хожалығы министрлиги жанындағы Балықшылықты раўажландырыў орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Даўлетбай Усақов.
- Компаниямызда еки түрли — фонтанлы ҳәм пәтпелекли аэраторлар бар. Балық бағылатуғын көллерде суўда шөкпе пайда болып, қатламларга бөлинип қалады. Аэраторлар бул қатламды бузып, балықларга көбирек кислород жеткерип береди. Бул арқалы 1 гектарда 10 тоннадан 15 тоннаға шекем балық бағыў имканияты пайда болады. Биз орнатқан аэраторлар 100 процент қуяш панельлеринде ислейди. Мәмлекетимиз тәрепинен аэроторларды сатып алыўда 5 миллионға шекем субсидия ажыратылады, — дейди исбилермен Нурсултан Абдухаликов. - Бундай финанслық қоллап-қуўатлаўлар өндирис көлемин арттырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет етеди.
Глобал климат өзгериўи шараятында суўдан ақылға уғрас пайдаланыў қәўипсизлик мәселесине айланды. Ирригация тармақларын жаңалаў ҳәм үнемлеўши технологияларға өтиў суў тамтарыслығының алдын алады. Бул бағдардағы реформалар болса аўыл хожалығының турақлы келешегин тәмийинлейди.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы