Қазақстан Республикасының "Халықаралық жасыл технологиялар ҳәм инвестициялық жойбарлар орайы" Коммерциялық емес акционерлик жәмийет (КАЖ) тәрепинен шөлкемлестирилген илаж Орайлық Азия мәмлекетлериниң тәбиятты қорғаў уйымлары, халықаралық шөлкемлер ҳәм экспертлер жәмийечилигиниң ўәкиллерин санаатты экологиялық модернизациялаў ҳәм ең жақсы қолайлы технологиялар (ЕЖҚТ) тараўында регионаллық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерин додалаў ушын бирлестирди.

Сессия жумысында Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети жанындағы "Мәмлекетлик экологиялық экспертиза орайы" бас директорының орынбасары Вячеслав Ши-сянь қатнасты.

Өзбекстан тәрепиниң шығып сөйлеген сөзинде санаат өндирисиниң экологиялық нәтийжелилигин арттырыў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, патасландырыўшы елементлер ҳәм ыссыхана газлериниң шығарылыўын азайтыўдың тийкарғы қуралларынан бири сыпатында ЕЖҚТларды енгизиўдиң әҳмийетине айрықша итибар қаратылды.

Технологиялық нормативлерди қолланыўға тийкарланған экологиялық тәртипке салыўдың заманагөй механизмлерин қәлиплестириў, комплексли технологиялық аудит өткериў ҳәм санаат кәрханаларын басқышпа-басқыш экологиялық нәтийжели технологияларға өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сессия қатнасыўшылары ЕЖҚТ бойынша бирден-бир регионаллық санлы платформаны жаратыў, ең жақсы қолайлы технологиялардың мағлыўматнамаларын ислеп шығыў, алдынғы халықаралық тәжирийбе алмасыў ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери санаатын экологиялық модернизациялаў бойынша келисилген көзқарасларды қәлиплестириў перспективаларын додалады.

Халықаралық экспертлик шөлкемлер, соның ишинде, Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми (ЭБРШ) менен бирге ислесиўди кеңейтиў, сондай-ақ, Корея Республикасы ҳәм Европа мәмлекетлериниң технологиялық нормалаў ҳәм қоршаған орталықтың патасланыўының комплексли алдын алыў тараўындағы тәжирийбесинен пайдаланыўға айрықша итибар қаратылды.

Сессияның тийкарғы ўақыяларынан бири Қазақстан Республикасы, Өзбекстан Республикасы, Қырғызстан Республикасы ҳәм Тәжикстан Республикасы ўәкиллери арасында регионаллық санлы ЕЖҚТ платформасын жаратыў ҳәм раўажландырыў, алдынғы технологиялық шешимлер алмасыў ҳәм санаатты экологиялық модернизациялаў тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған бирге ислесиў ҳаққындағы төрт тәреплеме меморандумға қол қойылыўы болды.

Буннан тысқары, Қазақстан Республикасының "Жасыл технологиялар ҳәм инвестициялық жойбарлар халықаралық орайы" мәмлекетлик емес акционерлик жәмийети ҳәм Өзбекстан Республикасының комплексли технологиялық аудит ҳәм ең жақсы бар технологияларды енгизиў тараўындағы ўәкили арасында бирге ислесиўди раўажландырыў ниетлери ҳаққындағы ҳүжжетлер алмасылды.

Ерисилген келисимлер Орайлық Азия мәмлекетлериниң илимий-техникалық ҳәм экспертлик потенциалын бирлестириў, ЕЖҚТ регионаллық системасын раўажландырыў, экологиялық тәртипке салыўды жетилистириў ҳәм санаат кәрханаларын технологиялық модернизациялаўды жеделлестириўге қаратылған.

Өзбекстан Республикасының бул басламада қатнасыўы миллий экологиялық тәртипке салыў системасын жетилистириў, ең жақсы қолайлы технологияларды енгизиў ҳәм турақлы санаатты раўажландырыў принциплерин алға қойыў бағдарындағы избе-из жумысларды сәўлелендиреди.

Мәмлекетлик экологиялық экспертиза орайы ЕЖҚТларды енгизиў, санааттың экологиялық қәўипсизлигин арттырыў, қоршаған орталыққа унамсыз тәсирди азайтыў ҳәм Өзбекстан Республикасының миллий климат мақсетлерине ерисиўге қаратылған халықаралық ҳәм регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўды даўам еттиреди.