Бул ҳаққында "Yonhap"қа тийкарланып “Kazinform” хабар бермекте.

Изертлеўге бола, бул позицияны 67,8% респондент қоллап-қуўатлайды. Онда 20-30 жастағы жаслар арасында некени дизимнен өткермей бирге жасаўды қоллап-қуўатлаўшылардың үлеси 80 проценттен артады.

Соңғы жыллары шаңарақтың дәстүрий моделине мүнәсибет сезилерли дәрежеде өзгерди. 2012-жылы некеден өтпестен бирге жасаў имканиятын сораўнамада қатнасқанлардың тек ғана 45,9 проценти мақул деп есаплаған.

Сондай-ақ, мәмлекет халқының 38,1 проценти балалардың некеден тыс туўылыўына жол қоймақта. Соның менен бирге, некелениўди зәрүр деп есаплайтуғынлардың үлеси 55 процентти қурамақта.

Үйлениўден ямаса турмысқа шығыўдан бас тартыўдың тийкарғы себеби сыпатында респондентлер қаржы жетиспеўшилигин көрсеткен, деп жазады “Kazinform”.