Ушырасыўда Сенат Баслығы Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Корея Республикасы Президентине қызғын ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Сөйлесиў ўақтында еки мәмлекет арасындағы айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, парламентлераралық байланысларды раўажландырыў мәселелери додаланды. Әсиресе, парламентлераралық бирге ислесиўди және де жеделлестириў, жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыўды нызамшылық жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм парламентлик қадағалаўды күшейтиў мәселелерине итибар қаратылды.
Саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм технологиялық бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша да пикир алысылды. Атап айтқанда, дерлик 12 миллиард долларлық перспективалы жойбарларды әмелге асырыў, санаат кооперациясын раўажландырыў, алдынғы технологияларды енгизиў ҳәм аймақлараралық байланысларды кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Буннан тысқары, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, илим, кадрлар таярлаў ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў, Корея Республикасында жумыс ислеп ҳәм билим алып атырған Өзбекстан пуқаралары ушын мүнәсип шараятлар жаратыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.