2014-жылы шөлкемлестирилген халықаралық коммерциялық емес шөлкем 29 мәмлекетти бирлестиреди ҳәм социаллық ҳәм мәдений дипломатия тараўында бирге ислесиўди раўажландырыўға жәрдемлеседи, деп хабар береди "Дунё" МА.
Ассамблея жумысында Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги жанындағы Сыртқы сиясий изертлеўлер ҳәм халықаралық басламалар орайы директорының орынбасары Валижон Ҳошимов қатнасты.
Өзбекстанның «GPDNet»ке толық ҳуқықлы ағза сыпатында кириўи мәселеси Өзбекстанның Қатардағы елшиханасы ҳәм Орайдың биргеликтеги ҳәрекетлери себепли Ассамблея күн тәртибине киргизилди. Даўыс бериў жуўмақлары бойынша барлық ағза мәмлекетлердиң ўәкиллери республиканың шөлкемге қосылыўын бир аўыздан қоллап-қуўатлады.
Илаж даўамында Өзбекстан тәрепи мәмлекетимиз сыртқы сиясатының тийкарғы бағдарлары, халық дипломатиясы тараўындағы тийкарғы ўазыйпалар, сондай-ақ, Орайдың жойбарлары ҳәм халықаралық басламалары менен таныстырды.
Презентация ассамблея қатнасыўшыларының үлкен қызығыўшылығына себеп болды. Мәмлекетлердиң ўәкиллери Орай ҳәм «GPDNet»ке ағза мәмлекетлердиң қәнигелескен мәкемелери арасында бирге ислесиўди жолға қойыў, сондай-ақ, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўдан мәпдар екенлигин билдирди.
Тармаққа толық ағза болыў Өзбекстанға халықаралық жәмийетлик дипломатиядағы қатнасын кеңейтиў, халықаралық майданда миллий басламаларды алға қойыў ҳәм Орайдың сырт елли шериклер менен институционаллық байланысларын беккемлеў имканиятын береди.