Илажда Беларусь исбилермен топарларының ўәкиллерине мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған саўда-экономикалық реформалар таныстырылды. Атап айтқанда, "Жаңа Ташкент" мегажойбарының үлкен инвестициялық потенциалы ҳәм кең бизнес имканиятлары таныстырылды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Соның менен бирге, беларуслы исбилерменлерге усы жылдың 30-ноябрь - 5-декабрь күнлери Ташкентте өткерилетуғын халықаралық бизнес-форум ҳаққында мағлыўмат берилди. Бул абырайлы илаж Беларусь исбилерменлери ушын дүньяның көплеген еллеринен потенциаллы шериклер менен бирге ислесиўди кеңейтиў, жаңа перспективалы жойбарларды додалаў ушын қолайлы майдан ўазыйпасын атқаратуғыны атап өтилди.

Дөгерек сәўбети жуўмағында ҳәр бир қатнасыўшы компания басшысы менен өткерилген сөйлесиўде Өзбекстанда азық-аўқат санааты, энергетика (когенерация ҳәм ысытыў системасы), коммуналлық инфраструктура тараўларында өз-ара пайдалы жойбарларды әмелге асырыўда бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша әҳмийетли келисимлерге ерисилди.

Сондай-ақ, Өзбекстанның айырым аймақларындағы санаат зоналары ҳәм "Гомель-Ратон" ЕЭЗ арасында өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў, техникалық кәсиплер бойынша орта билимлендириў тараўында жаңа оқыў курсларын шөлкемлестириў бойынша анық режелер белгилеп алынды.