Өзбекстан Президентиниң басламасы менен 2024-жылы шөлкемлестирилген бул сыйлық ЖИ этика тараўындағы изертлеўлерди қоллап-қуўатлаўға қаратылған биринши глобаллық сыйлық болды. Оның мақсети жасалма интеллект технологияларын жуўапкершиликли жойбарластырыў, ислеп шығыў ҳәм қолланыўға жәрдемлесиў, сондай-ақ, халықаралық илимий бирге ислесиўди кеңейтиўден ибарат, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Сыйлық ҳәр еки жылда 3 лауреатқа бериледи. Олардың ҳәр бирине Абу Райхан Беруний атындағы медаль, сертификат ҳәм ақшалай сыйлық тапсырылады. Онда ЖИ тараўында әдеп-икрамлылық принциплери ҳәм әмелий шешимлердиң раўажланыўына үлес қосқан айырым изертлеўшилер, илимий мәкемелер ҳәм шөлкемлер қатнасыўы мүмкин. Арзалар 2027-жыл 30-январьға шекем қабыл етиледи.
Биринши сыйлықлаў мәресими 2025-жыл ноябрь айында ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы шеңберинде Самарқандта болып өткен еди. Профессор Вирджилио Августо Фернандес де Алмейда (Бразилия), профессорлар Сьюзан Перри ҳәм Клаудия Мария Джованна Рода (Франция), сондай-ақ, Цинхуа университетиниң Халықаралық жасалма интеллектти басқарыў институты (I-AIIG) профессорлары Лань Сюе, Чжэн Лян ҳәм Цянь Сяо сыйлықланды. Олардың жойбарлары әдеп-икрамлы, инклюзив ҳәм жуўапкершиликли технологияларды раўажландырыўға қаратылған.
Сыйлық шөлкемлестирилгенинен баслап илимий излениўлерди алға қойыў, билим алмасыў ҳәм жасларды жасалма интеллект этикасы мәселелерине тартыў майданына айланды. Атап айтқанда, 2026-жылдың апрель айында Нью-Йоркта болып өткен ЭКОСОС Жаслар форумында әдеп-икрамлы ҳәм инклюзив ЖИди раўажландырыўда жас әўладтың ролине бағышланған илаж болып өтти.
Буннан тысқары, 2026-жыл август айында сыйлық ийелери Астана қаласында өткерилген Халықаралық жасалма интеллект олимпиадасы шеңберинде 300 ден аслам қатнасыўшы ҳәм 200 ден аслам эксперт ҳәм изертлеўшилер ушын баянат өткерди. ЖИ этикасы бойынша халықаралық илимий жумыслар таңлаўы дүнья бойлап 460 тан аслам арзаларды жыйнап, 2026-жыл декабрь айында Парижде илимий форум шеңберинде жуўмақланыўы режелестирилген.