Әмелий сапар менен Стамбул қаласында болып турған Өзбекстан Туризм комитетиниң баслығы Абдулазиз Аққулов Түркияның ири шөлкем ҳәм компанияларының басшылары менен бир қатар ушырасыўлар өткерди.
Атап айтқанда, “World Halal Summit Council” кеңесиниң президенти Юнус Эте, “Pegasus Airlines” авиакомпаниясы директорлар кеңесиниң баслығы Мехмет Тевфик Нане ҳәм Стамбул саўда палатасының президенти Шекиб Авдагич пенен сөйлесиўлерде еки тәреплеме бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары додаланды.
“World Halal Summit Council” ўәкиллери менен ушырасыўда Өзбекстанның халықаралық зыярат ҳәм “Muslim-friendly” туризм тараўындағы туристлик потенциалын үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар қаратылды.
Тәреплер 2027-жылы Өзбекстанда “World Halal Summit” халықаралық саммитин ҳәм тийисли форумларды өткериў, сондай-ақ, халықаралық журнал басып шығарыў имканиятын көрип шықты.
Буннан тысқары, Туризм комитети жанындағы "Туризм өнимлерин раўажландырыў жойбарлаў офиси" басқармасы менен биргеликте Бухара ҳәм мәмлекетимиздиң басқа қалаларында ири халықаралық илажларды шөлкемлестириў мәселеси додаланды.
“Pegasus Airlines” директорлар кеңесиниң баслығы Мехмет Тевфик Нане менен сөйлесиўлер ўақтында тәреплер авиакомпания елимизге жаңа рейслерди ашыў режелери мүнәсибети менен авиакомпания бар болған қалаларда Өзбекстанның туризм потенциалын үгит-нәсиятлаў мәселелерин додалады.
Өзбекстанның бес қаласында ашылыўы режелестирилип атырған авиакомпания рейслерине туристлерди тартыў ушын биргеликтеги реклама кампаниясын өткериўди нәзерде тутатуғын бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойыў бойынша дәслепки келисимге ерисилди.
Сондай-ақ, тәреплер “Pegasus Airlines” авиакомпаниясы хызмет көрсететуғын, бирақ жергиликли авиакомпаниялардың рейслеринде Өзбекстан менен тиккелей қатнаўы болмаған бағдарларда мәмлекетимиздиң туристлик имканиятларын биргеликте үгит-нәсиятлаў нийетинде.
“Pegasus Airlines” авиакомпаниясының Стамбулдағы Сабиҳа Гёкчен аэропорты арқалы өтетуғын жөнелислер тармағы 58 мәмлекеттеги 100 ден аслам жөнелислерди қамтып алады. Бул Европа ҳәм Жақын Шығыс мәмлекетлеринен Өзбекстанға транзит туристлерди тартыў ушын қосымша имканиятлар ашады.
Жаңа туризм бағдарларын раўажландырыў ушын Өзбекстан туроператорлары менен бирге ислесиўди жолға қойыў, биргеликтеги маркетинг кампанияларын өткериў, ТХТЯ-2026 Ташкент халықаралық туризм ярмаркасы шеңберинде авиакомпания презентациясы ҳәм В2В ушырасыўларын, таныстырыў сапарларын шөлкемлестириў усыныс етилди.
Стамбул саўда палатасының президенти Шекиб Авдагич пенен ушырасыўда еки мәмлекет исбилермен топарлары арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды. Атап айтқанда, Түркиядан халықаралық мийманхана брендлерин Өзбекстанға тартыў ҳәм палата структурасындағы “Convention Bureau” қатнасыўында қоспа илажлар өткериў бойынша дәслепки келисимге ерисилди.
Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер туризм байланысларын буннан былай да раўажландырыў, инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўдан мәпдар екенин тастыйықлады.
Түркия ўәкиллери 2026-жыл 25-27-ноябрь күнлери Ташкентте өткерилетуғын "Жипек жолында туризм" (ТХТЯ–2026) 31-Ташкент халықаралық туризм ярмаркасында қатнасыўға мирәт етилди. Ярмарка шеңберинде биринши мәрте Халықаралық туризм инвестициялық форумы да өткериледи.
Ерисилген келисимлер Өзбекстанның халықаралық туризм базарындағы орнын беккемлеў, жаңа туристлик ағымлар ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыў, мәмлекеттиң туризм потенциалын үгит-нәсиятлаўға хызмет етиўи күтилмекте.