Ушырасыўда Өзбекстан менен Түркия арасындағы көп қырлы бирге ислесиў кейинги жылларда жаңа мазмун менен байығаны, сиясий, экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бағдарлар менен бир қатарда ҳуқық қорғаў тараўында избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди.

Сөйлесиў ўақтында еки мәмлекет ишки ислер уйымлары арасындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды. Атап айтқанда, жынаячылық, терроризм ҳәм экстремизм, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм наркотрафикке қарсы гүресиў, кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўында өз-ара тәжирийбе алмасыў мәселелерине итибар қаратылды.

Тәреплер еки мәмлекеттиң ҳуқық-қорғаў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўындағы бирге ислесиўин буннан былай да беккемлеў, өз-ара пайдалы байланысларды избе-из раўажландырыўдан мәпдар екенин билдирип, перспективалы ўазыйпаларды белгилеп алды.