2015-жылы Иордания Патшасы Абдулла II тәрепинен алға қойылған бул баслама өткен он жыл даўамында терроризм, экстремизм ҳәм трансмиллий қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша ҳәрекетлерди муўапықластырыў ушын халықаралық майданға айланды. Оның тийкарғы ўазыйпалары мәмлекетлер, күш структуралары, халықаралық шөлкемлер ҳәм жеке меншик сектор арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў, тәжирийбе алмасыў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша өз-ара келисилген көзқарасларды ислеп шығыўдан ибарат.

Акаба процеси дәстүрий халықаралық шөлкемлерден парықлы түрде турақлы секретариат, рәсмий ағзалық ямаса ҳуқықый мәжбүрий механизмлерге ийе емес. Ушырасыўларда қатнасыў шақырыў тийкарында әмелге асырылады, илажлар болса рәсмий емес түрде өткериледи ҳәм анық аймақлар ямаса тематикалық бағдарларға бағышланады.

Бул баслама өткен жыллар даўамында географияны ҳәм күн тәртибин кеңейтти. Қатнасыўшылар Шығыс ҳәм Батыс Африка, Саҳел ҳәм Балқан мәмлекетлери менен бир қатарда Қубла-Шығыс Азия ҳәм Латын Америкасындағы қәўип-қәтерлер, сондай-ақ, экстремистлик топарлардың санлы технологиялардан пайдаланыўы, трансшегаралық жынаятшылық ҳәм халықаралық қәўипсизликке байланыслы жаңа қәўип-қәтерлерди додалады.

Акаб процесиниң ушырасыўлары Иордания, Албания, Болгария, Нидерландия, Нигерия, Греция, Франция, Руанда, АҚШ, Индонезия, Сингапур, Испания, Италия, Норвегия, Бразилия ҳәм БМШ майданында болып өтти. Онда мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, қорғаныў ҳәм күш-қүдирет уйымларының басшылары, БМШ, Интерпол, НАТО, ЕҚБШ, Европа Аўқамы ҳәм басқа да халықаралық структуралардың ўәкиллери қатнасты.

Баслама эволюциясы заманагөй қәўип-қәтерлер характериниң өзгериўин сәўлелендиреди. Дәслеп тийкарғы итибар террористлик шөлкемлер ҳәм радикал идеологияларға қарсы гүресиўге қаратылған болса, кейин ала санлы үгит-нәсиятлаў, дезинформация, ушыўшысыз ушыў аппаратлары, ҳаўа кеңислиги қәўипсизлиги, турақсыз аймақларда мәмлекетлик институтларды беккемлеў мәселелери күн тәртибине қойылды.

2024-жыл 1-сентябрь күни Иордания Патшасы Абдулла II басшылығында гезектеги ушырасыў болып өтти. Тийкарғы итибар ҳаўа көлемин басқарыў, ушыўшысыз ушыў аппаратларынан пуқаралық ҳәм әскерий мақсетлерде пайдаланыўды тәртипке салыў, олардан нызамсыз пайдаланыў менен байланыслы қәўип-қәтерлердиң алдын алыў мәселелерине қаратылды. 2024-жыл 10-январь күни Акаба қаласында Патша Абдулла II, Египет Президенти Абдулфаттоҳ ас-Сиси ҳәм Палестина Президенти Маҳмуд Аббос қатнасыўындағы үш тәреплеме саммитти айрықша атап өтиў керек. Онда Газа секторы ҳәм Иордан дәрьясының батыс жағасындағы жағдай додаланды.

2025-жылы апрель айында Болгарияның София қаласында болып өткен саммит терроризм, нызамсыз миграция ҳәм радикалласыўға қарсы гүресиўге бағышланды. Онда 30 ға шамалас мәмлекет ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, соның ишинде, бир қатар Балқан мәмлекетлериниң басшылары қатнасты.

Өзбекстанның халықаралық қатнасыўын кеңейтиўде 2025-жыл октябрь айында Рим қаласында болып өткен Акаба процеси мәжилиси айрықша әҳмийетке ийе болды. Батыс Африкадағы қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў ҳәм регионаллық турақлылықты тәмийинлеўге бағышланған илаж 20 дан аслам мәмлекет, Африка Аўқамы, БМШ, НАТО, ЕА ҳәм Интерпол ўәкиллерин бирлестирди. Онда Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов қатнасты.

Патша Абдулла II ниң 2025-жыл 25-26-август күнлери Өзбекстанға мәмлекетлик сапары шеңбериндеги жоқары дәрежедеги еки тәреплеме сөйлесиўлер Өзбекстанның бул форматтағы қатнасыўын жеделлестириўде әҳмийетли қәдем болды. Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Иордания жетекшисиниң басламасын жоқары баҳалап, Акаба процесиниң болажақ мәжилислеринен бирин Самарқандта өткериўди усыныс етти, бул илажлар географиясын кеңейтиў ҳәм халықаралық шериклердиң итибарын Орайлық Азияда қәўипсизлик мәселелерине және де тартыў имканиятын береди.

Санлы технологиялардың жедел раўажланыўы шараятында олардың халықаралық қәўипсизликке тәсири мәселеси барған сайын әҳмийетли болып бармақта. Жасалма интеллект экономика, мәмлекетлик басқарыў ҳәм илимий изертлеўлердиң раўажланыўы ушын кең имканиятлар ашпақта, соның менен бирге, терроршылық ҳәм экстремистлик шөлкемлер тәрепинен жалған мағлыўматлардың тарқалыўы, киберқәўип-қәтерлер, санлы қураллардан пайдаланыў менен байланыслы жаңа қәўип-қәтерлерди пайда етпекте.

Астана қаласында болып өтетуғын ушырасыў Акаба процесин раўажландырыўдың гезектеги басқышы болып, Орайлық Азия мәмлекетлери басшылары дәрежесинде биринши мәрте ЖИ қәўипсизлиги мәселелерине итибар қаратылады. Бул мәмлекетлерге жасалма интеллекттен пайдаланыўда қәўипсизлик мәселелери бойынша пикир алысыў, улыўма регионаллық қәўип-қәтерлерди додалаў ҳәм бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын белгилеў имканиятын береди.

"Дунё" МА.