Делегацияға Бундестаг депутаты, Германияның азық-аўқат, аўыл хожалығы ҳәм регионаллық өзине тәнлик федерал министрлигиниң парламентлик мәмлекетлик хаткери Мартина Энглхардт-Копф басшылық етти. Оның қурамына Германия исбилерменлик ҳәм илимий топарларының ўәкиллери киргизилди, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Өзбекстан аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмоновтың Германия елшиси Маттиас Фоллерт қатнасыўындағы делегация менен сөйлесиўлеринде фермер хожалықларын қаржыландырыў, аграр кредитлеў, кооперацияларды басқарыў, аўыл хожалығы өнимлери саўдасын кеңейтиў ҳәм инновациялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайы (AKIS) негизинде Германия аграр орайын, сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлери арасында агротехнологиялар алмасыўы ушын регионаллық платформаны шөлкемлестириў басламалардан бири болды.

Билимлендириў тараўында Вайнштефан-Триздорф әмелий илимлер университети менен биргеликте 200 бас қарамалға мөлшерленген ферма ҳәм 50 гектар тәжирийбе майданына ийе оқыў-әмелият орайын шөлкемлестириў имканияты көрип шығылды.

Илимий бирге ислесиў Юлиус Кюн институты менен салы атызларында топырақ өнимдарлығын сақлаў, Хоэнхайм университети менен жиңишке талшықлы ғаўаша жетистириўде суўды үнемлеўши ҳәм санлы технологияларды қолланыў бойынша изертлеўлерди нәзерде тутады.

Делегация Өзбекстан Фермерлер кеңесиниң баслығы Актам Хаитов пенен де ушырасты. Тәреплер фермер хожалықларының нәтийжелилигин арттырыў, сырт ел тәжирийбесин енгизиў, илимий-билимлендириў байланысларын беккемлеў мәселелерин додалады.

Өзбекстан - Германия аграр-экономикалық форумы болып өтти Ташкент мәмлекетлик аграр университетинде 27-октябрь күни еки мәмлекеттиң мәмлекетлик уйымлары, илимий мәкемелери, университетлери ҳәм бизнес ўәкиллериниң қатнасыўында Өзбекстан - Германия аграр-экономикалық форумы болып өтти.

Аўыл хожалығын климат өзгериўине бейимлестириў, жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, санлы дийқаншылық, шарўашылықты модернизациялаў, сүт жетистириў нәтийжелилигин арттырыў, ҳайўанларды санлы идентификациялаў мәселелерине итибар қаратылды. Сондай-ақ, сапалы туқым жетистириў, саламат картошка мини-туйнеклерин көбейтиў, аўыл хожалығы өнимлерин сатыў базарларын кеңейтиў мәселелери додаланды.

Буннан тысқары, делегация "Green University" Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университетине барып, турақлы аўыл хожалығы, экологиялық инновациялар ҳәм академиялық алмасыў бағдарындағы биргеликтеги изертлеўлерди додалады.

Сапар етиў жуўмағында тәреплер илимий ҳәм билимлендириў мәкемелери, бизнес ҳәм тийисли шөлкемлер арасындағы бирге ислесиўди жеделлестириў, сондай-ақ, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша жумысларды даўам еттириўге келисип алды.