Тәреплер саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық шерикликти буннан былай да беккемлеў, санаат кооперациясын кеңейтиў ҳәм қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелерин додалады.
Өз-ара товар алмасыў көлемин 1,4 миллиард доллардан 2 миллиард долларға жеткериў ҳәм Германияның жетекши компаниялары менен бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Өзбекстанда Германия капиталының қатнасыўында 253 кәрхана жумыс алып бармақта.
Германия экономикасы Шығыс комитети делегациясының Өзбекстанға болажақ сапарына ҳәм Берлинде өткерилетуғын Саўда ҳәм инвестициялар бойынша ҳүкиметлераралық жумысшы топардың 18-мәжилисине таярлық көриў мәселелери көрип шығылды.
Ушырасыў жуўмағында еки мәмлекет арасындағы әмелий бирге ислесиўди және де тереңлестириў ҳәм исбилерменлик байланысларын беккемлеўден еки тәреп те мәпдар екени тастыйықланды.