Абдуллахан медресеси XVI әсирдеги өзбек архитектурасынын сийрек гезлесетуғын естеликлеринен бири. Ол 1588-1590-жыллары Бухара ханлығының шайбанийлер династиясынан болған ҳүкимдары, белгили сәркарда ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Абдуллахан II басламасы менен қурылған.

Медресениң режеси ҳәм ишки қурылысы Бухара дәстүрий медреселеринен қурамалы инженерлик шешимлери менен ажыралып турады. Комплекске кириўдеги тийкарғы есик қублаға қаратылған болып, көк реңли керамикалық плиткалар ҳәм глазурланған декоратив элементлерден ибарат геометриялық мозаика менен безелген.

XVI әсирде медресе Маўараўннахрдағы жоқары билимлендириў ҳәм илим орайларынын ен ири ҳәм абырайлыларынан бири болған. Бул жерде диний ҳәм дүньялық пәнлер үйренилген. Атап айтқанда, Қуран, тәфсир, ҳәдистаныў, фиқҳ, ақида сыяқлы пәнлер менен бир қатарда араб тили ҳәм әдебияты, логика, философия, математика, геометрия, медицина пәнлери терең үйретилетуғын еди.

Ансамбльдиң қубла бөлиминде Абдуллахан II тәрепинен 1566-1567-жыллары анасының ҳүрметине қурылған Модарихан медресеси жайласқан. Ҳәр еки медресе де бир-бирине қарама-қарсы, бир көшерде қурылған.

"Қошмадраса" архитектуралық ансамбли 2023-2024-жылларда 6 миллиард сумлық жойбар шеңберинде бир бөлеги оңланған. Бүгинги күнде ансамбльге жылына 1 миллионға шамалас турист келеди.

Мәмлекетимиз басшысына Қошмедресени және де оңлаў режеси таныстырылды.

Президентимиз туристлер ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў бойынша тапсырмалар берди.