Илимлер академиясында латын жазыўына тийкарланған өзбек әлипбесине киргизилген өзгерислердиң мазмун-мәнисине бағышланған баспасөз әнжуманында усы сыяқлы мәселелерге итибар қаратылды.
Илажда Илимлер академиясы, Өзбек тили, әдебияты ҳәм фольклоры институтының илимпазлары, жетекши тилтаныўшылар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, жаңа Нызам миллий әлипбени жетилистириў, имла қағыйдаларындағы анықсызлықларды сапластырыў ҳәм өзбек тилиниң санлы технологиялар және компьютер бағдарламаларына бейимлесиўин жеңиллетиўге қаратылған.
Баспасөз әнжуманында пуқараларды қызықтырған әҳмийетли мәселелерден бири — ҳәзирги ҳүжжетлерди алмастырыў зәрүрлигине де анықлық киргизилди.
"Бәлким 10 жыл, бәлким 15 жылдан кейин қайсыдур ҳүжжетимизди алмастырыў мүддети келер. Ҳүжжетлердиң өзин алмастырыў мүддети келмегенше, оларды қайтадан таярлаў миннетлемеси жоқ. Ҳеш қандай ҳүжжетлерге мәжбүрий түрде өзгерислер киргизилмейди", — деди Илимлер академиясы Өзбек тили, әдебияты ҳәм фольклоры институтының директоры Мақсуд Асадов.
Баспасөз әнжуманында жаңаланған әлипбеге өтиў басқышпа-басқыш ҳәм пуқаралар ушын қолайлы тәризде әмелге асырылатуғыны атап өтилди.
Атап өтилиўинше, киргизилген өзгерислер өзбек тилиниң заманагөй санлы орталықта қолланылыўын аңсатластырыў ҳәм жазыўдағы айырым қыйыншылықларды сапластырыўға хызмет етеди.