Тәреплер экология ҳәм климат өзгериўи тараўында Өзбекстан - Германия бирге ислесиўин раўажландырыў, регионаллық бағдарламалар шеңбериндеги бирге ислесиў, экологиялық мониторинг, биологиялық көп түрлиликти сақлаў, илимий-билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиўди додалады.

Ушырасыўда Өзбекстанда әмелге асырылып атырған экологиялық реформалар, мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары ҳаққында мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, атмосфера ҳаўасының сапасын жақсылаў, биокөптүрлиликти сақлаў, шығындыларды басқарыў системасын жетилистириў, көклемзарластырыў ҳәм экологиялық билимлендириўди раўажландырыў ҳаққында сөз болды.

“GIZ”диң "Жасыл Орайлық Азия" басламасы ҳәм “ILUCA” регионаллық бағдарламасы шеңбериндеги бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды. Әмелий жойбарларды әмелге асырыў, технологиялар алмасыў, қәнигелер таярлаў нәзерде тутылған.

Өзбекстан тәрепи SMART-патруль, фотоқақпан, геомәлимлеме системалары ҳәм жасалма интеллект технологияларынан пайдаланған ҳалда айрықша қорғалатуғын тәбийғый аймақларды санлы мониторинг етиў бойынша биргеликтеги пилот жойбарды әмелге асырыўды усыныс етти.

Сондай-ақ, сайғақлардың миграция жолларын сақлап қалыў, техникалық ҳәм методикалық жәрдемди тартыў мақсетинде Германия эксперт ҳәм илимий шөлкемлери менен бирге ислесиўди раўажландырыў усыныс етилди.

Кадрлар таярлаў мәселесине айрықша итибар қаратылды. “Green University”диң Германия университетлери ҳәм илимий шөлкемлери менен бирге ислесиўин кеңейтиў, қоспа жазғы мектеплер шөлкемлестириў, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер алмасыўын жолға қойыў, биргеликте илимий-изертлеўлер алып барыў усыныс етилди.

Буннан тысқары, Өзбекстан тәрепи “Green University” жанындағы 14 "жасыл" техникумда немис тилин оқытыўды раўажландырыў басламасы менен шықты. Штефан Майер германиялы шериклер менен байланыс орнатыўға жәрдемлесиў, техникумларда немис тили орайлары ҳәм классларын шөлкемлестириўди қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди.

Тәреплер экологиялық тәртипке салыў, сертификатлаў, стандартластырыў, ең жақсы қолайлы технологияларды енгизиў, айланба экономика ҳәм шығындыларды басқарыў тараўларында экспертлер алмасыўын да додалады.

Ташкентте өткерилиўи режелестирилип атырған “Eco Expo Central Asia 2027” халықаралық экологиялық көргизбесинде Германия компаниялары ҳәм илимий шөлкемлериниң қатнасыўын кеңейтиў усыныс етилди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер “GIZ” бағдарламалары шеңберинде биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўды даўам еттириў, санлы экологиялық мониторинг ҳәм илимий-билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, "жасыл" технологиялар тараўындағы шерикликти раўажландырыўға келисип алды.

Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи бойынша миллий комитети баслығының орынбасары Искандар Қутбиддинов Германия Федеративлик Республикасы Бундестагының депутаты, Сыртқы ислер комитетиниң ағзасы Штефан Майер менен ушырасты.

Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети баслығының орынбасары Искандар Қутбиддинов Германия Федеративлик Республикасы Бундестагының депутаты, Сыртқы ислер комитетиниң ағзасы Штефан Майер менен ушырасты. Ушырасыўда экология ҳәм климат өзгериўи тараўында Өзбекстан - Германия бирге ислесиўин раўажландырыў, регионаллық бағдарламалар шеңбериндеги бирге ислесиўди кеңейтиў, экологиялық мониторинг, биологиялық көп түрлиликти сақлаў, илимий-билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери додаланды.

Ушырасыўда Өзбекстанда әмелге асырылып атырған экологиялық реформалар ҳәм мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары, соның ишинде, атмосфера ҳаўасының сапасын жақсылаў, биологиялық көп түрлиликти сақлаў, шығындыларды басқарыў системасын жетилистириў, көклемзарластырыў, экологиялық билимлендириўди раўажландырыў бағдарындағы илажлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Әмелий жойбарларды әмелге асырыў, технологиялар алмасыў ҳәм қәнигелер таярлаў арқалы “GIZ”диң "Жасыл Орайлық Азия" басламасы ҳәм “ILUCA” регионаллық бағдарламасы шеңбериндеги бирге ислесиўди кеңейтиўге де айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан тәрепи SMART-патруль, фотоқақпан, геомәлимлеме технологиялары ҳәм жасалма интеллект технологияларынан пайдаланған ҳалда айрықша қорғалатуғын тәбийғый аймақларды санлы мониторинг етиў бойынша биргеликтеги пилот жойбарды әмелге асырыўды усыныс етти. Буннан тысқары, сайғақлардың миграция жолларын сақлаў, сондай-ақ, техникалық ҳәм методикалық жәрдемди тартыў мақсетинде Германияның эксперт ҳәм илимий шөлкемлери менен бирге ислесиўди раўажландырыў усыныс етилди.

Билимлендириў ҳәм кадрлар таярлаў тараўында “Green University”ниң Германия университетлери ҳәм илимий шөлкемлери менен бирге ислесиўин кеңейтиў, қоспа жазғы мектеплер шөлкемлестириў, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер алмасыўын жолға қойыў, биргеликтеги илимий-изертлеўлерди жолға қойыў усыныс етилди. Сондай-ақ, “Green University” жанындағы 14 "жасыл" техникумда немис тилин оқытыўды раўажландырыў басламасы алға қойылды. Штефан Майер германиялы шериклер менен байланыс орнатыўға жәрдемлесиўге, техникумларда немис тили орайларын (классларын) шөлкемлестириў басламасын қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди.

Тәреплер экологиялық тәртипке салыў, сертификатлаў, стандартластырыў, ең жақсы қолайлы технологияларды енгизиў, айланба экономика ҳәм шығындыларды басқарыў тараўларында экспертлер алмасыўын шөлкемлестириў мәселелерин де додалады. Буннан тысқары, Ташкентте өткерилиўи режелестирилип атырған “Eco Expo Central Asia 2027” халықаралық экологиялық көргизбесинде Германия компаниялары ҳәм илимий шөлкемлериниң қатнасыў шеңберин кеңейтиў усыныс етилди.

Жуўмағында тәреплер “GIZ” бағдарламалары шеңберинде биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўды даўам еттириў, санлы мониторинг ҳәм илимий-билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, "жасыл" технологиялар тараўында шериклик байланысларын раўажландырыўға келисип алды.