Мәмлекетимиз басшысы Иордания Патшасының басламасы менен шөлкемлестирилген бул платформа бүгинги күнде дүньяда жаңа қәўип-қәтерлер артып баратырған шараятта оғада үлкен әҳмийетке ийе болып атырғанын атап өтти.

Ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери, соның ишинде, жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынланыўы додаланды.

Кейинги жылларда өз-ара сапар етиў ҳәм сөйлесиўлер жедел пәт пенен раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Авиақатнаўлар жолға қойылды, қоспа Ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилиси өткерилди, Исбилерменлер кеңеси дүзилди.

Сөйлесиўде бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, соның ишинде, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланысларды жеделлестириўге келисип алынды.

Өзбекстан ҳәм Иордания жетекшилери болажақ жоқары дәрежедеги еки тәреплеме илажлар режеси ҳәм күн тәртибиндеги басқа да мәселелер бойынша да пикир алысты.