Әмелдеги тәртипке бола, Өзбекстанға нақ шет ел валютасын ҳәм миллий валютаны муғдары бойынша шеклеўсиз алып кириўге рухсат берилген. Бирақ, улыўма муғдары 100 млн сумнан аслам нақ пуллар болса, жолаўшы бажыхана декларациясында олардың толық муғдарын көрсетиў ҳәм пулларды бажыхана хызметкерине усыныў керек. Азырақ сумманы декларациялаўға да ықтыярый тийкарда жол қойылады.
Мәмлекеттен декларациясыз шығыўда 100 млн сум эквиваленти шеңбериндеги нақ пулды алып шығыўға рухсат бериледи. Көбирек сумманы алып шығыў ушын белгиленген бажыхана талапларына әмел етиў керек. Сырт ел пуқараларына, атап айтқанда, мәмлекетке кириў ўақтында көрсетилген нақ пул муғдары есапқа алынады.
Туристлердиң кең тарқалған қәтелеринен бири - мәмлекетке кириўде үлкен муғдардағы нақ пулдың декларациясының жоқ екенлиги. Мәмлекетте болыў ўақтында пуллардың бир бөлеги жумсалып, қалған бөлеги алып шығылыўы мүмкин. Егер туристте алып келинген қаржыларды декларациялаўды тастыйықлаўшы ҳүжжет болмаса, кетиўде қыйыншылықлар жүзеге келиўи мүмкин.
Мәселен, турист Өзбекстанға 15 мың АҚШ долларын алып кирсе, бул сумманы декларацияда толық көрсетиў керек. Пуллардың бир бөлеги сапар даўамында жумсалған жағдайда да, декларацияның сақланып қалған нусқасы қалған қаржыларды алып кириўдиң нызамлылығын, соның ишинде, егер олардың муғдары эквивалентинде 100 миллион сумнан артқан болса, тастыйықлаўға жәрдем береди.
Туристлерге усыныс етиледи:
100 млн сумнан артық эквиваленттеги нақ пуллар алып кирилип атырғанда, бажыхана декларациясында толық көрсетилсин.
Мәмлекеттен шыққанша декларация нусқасын сақлап қалыў.
Есапқа алыў керек, сўмдағы эквивалент бажыхана шегарасын кесип өткен күндеги Өзбекстан Орайлық банкиниң курсы бойынша есапланады.
Сораўлар туўылғанда алдыннан бажыхана хызметкерлерине мүрәжат етип, түсиник бериў.
Бажыхана талапларына әмел етиў ҳәм керекли ҳүжжетлерди сақлаў шегарадан өтиўде қыйыншылықлардан қутылыўға жәрдем береди.