Мәжилисте Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Россия, Тәжикстан ҳәм
Өзбекстанның туризмди раўажландырыўға жуўапкер мәмлекетлик уйымлары, ҒМДА
Атқарыў комитети ҳәм ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң Парламентлераралық ассамблеясы
Кеңеси Секретариатының ўәкиллери қатнасты.
Күн тәртибинен
ҒМДАға ағза мәмлекетлерде туризмди раўажландырыў тенденциялары ҳәм
перспективалы жойбарлар, ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң туризм тараўындағы бирге
ислесиўин 2021-2030-жылларда раўажландырыў стратегиясын әмелге асырыў,
туристлик ағымларды статистикалық есапқа алыў ҳәм прогнозлаў, кадрлар таярлаў,
сондай-ақ, туризм тараўындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери орын
алды.
Мәжилисте өз-ара
туристлик ағымлар ҳаққындағы статистикалық ҳәм аналитикалық мағлыўматларды
турақлы алмасыў механизмлерин жетилистириўге айрықша итибар қаратылды. Атап
айтқанда, ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң туризм тараўындағы ўәкилликли уйымлары
арасында мәлимлеме алмасыўын жолға қойыў, миллий санлы платформалардың
мәлимлеме ресурсларын интеграциялаў имканиятлары додаланды.
Мәжилис
шеңберинде ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң туризм тараўындағы таяныш шөлкеми
сыпатында Самарқанд қаласындағы "Жипек жолы" туризм ҳәм мәдений
мийрас халықаралық университетиниң жумысы да айрықша додаланды.
Бул мәселе
бойынша Өзбекстан Республикасы Туризм комитети баслығының орынбасары Санжар
Таджиев баянат жасап, университеттиң бүгинги жумысы, халықаралық бирге
ислесиўи, билимлендириў ҳәм илимий бағдарламалары, сондай-ақ, ҒМДАға ағза
мәмлекетлердиң қәнигелескен жоқары билимлендириў мәкемелери арасындағы бирге
ислесиўди раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында
мағлыўмат берди.
Күн тәртибиндеги
әҳмийетли мәселелерден бири Кеңеске гезектеги басшылықты белгилеў болды.
Белгиленген ротация принципине муўапық 2026-2027-жыллар дәўиринде ҒМДАға ағза
мәмлекетлердиң Туризм кеңесине басшылық Өзбекстан Республикасына өтти ҳәм Кеңес
баслығы етип Туризм комитетиниң баслығы Абдулазиз Аққулов белгиленди.
Сондай-ақ, Кеңестиң гезектеги мәжилисин 2027-жылы Өзбекстан Республикасында
өткериўге келисип алынды.
Өзбекстанның
Кеңеске басшылығы дәўиринде трансшегаралық туризмди раўажландырыў, туризм
статистикасы ҳәм аналитикалық мағлыўматлар алмасыўын жетилистириў, туризм
тараўында маман кадрлар таярлаў, билимлендириў мәкемелери арасындағы бирге
ислесиўди беккемлеў, биргеликтеги туристлик маршрутларды раўажландырыўға
айрықша итибар қаратылады.
Бул бағдарлардағы
бирге ислесиў ҒМДА шеңберинде туризм тараўында әмелий байланысларды буннан
былай да кеңейтиў, тәжирийбе алмасыў ҳәм жаңа биргеликтеги басламаларды алға
қойыўға хызмет етеди.