Райондағы “Дәрья бойы” мәҳәллесинде жасаўшы Шириной Жуманиязова шаңарағында майыплығы болған пуқаралар жасайды. Сол себепли кәмбағаллық реестрине киргизилди. Бирақ ол шараятқа көнлигип қалмады. Исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегин билдирди. Мәҳәлле жуўапкерлери, ҳәким жәрдемшиси ҳәм мәҳәлле банкириниң жәрдеминде шаңарақлық исбилерменликти жолға қойыў ушын банктен кредит алып, киши аўқатланыў орайын ашты. Бүгин бул орын тек ғана бир шаңарақтың ырысқы-несийбесине хызмет етип атырған исбилерменлик субъекти емес. Шириной Жуманиязова үш ҳаял-қыздың турақлы бәнтлигин де тәмийинледи.
Районның “Әлийшер Наўайы” мәҳәллесинде исбилермен Шарофат Йўлдошева шөлкемлестирген кооперацияда болса 30 ға шамалас ҳаял-қыз жумыс ислейди.
- Бул жерде ҳаял-қызлар кийимлери экспорт ушын таярланбақта, — дейди исбилермен. - Сондай-ақ, районымыздағы "Чайкөл" ҳәм "Толқын" аўыл пуқаралар жыйынларының имаратларында да тигиўшилик бағдарындағы филиалларымызды ашқанбыз. Бул да қосымша жумыс орны.
Шарофат Йўлдошева басқа мәҳәллелердеги ҳаял-қызларға да тигиўшилик сырларын үйретпекте. Соның ишинде, “Жайхун” ҳәм “Дурман” мәҳәллелеринде ҳаял-қызларды оқытыў, кәсиплик көнликпелерин арттырып, келешекте усындай кооперацияларды шөлкемлестириў бағдарында жумыслар орынланбақта. Бул басламаны аймақ көлеминде ғалаба ен жайдырыў келешекте районның барлық мәҳәллесинде ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған системалы механизмди қәлиплестириў имканиятын береди.
Әмиўдәрья районындағы киши санаат зонасы да исбилерменлер ушын өндиристи кеңейтип, жаңа жумыс орынларын ашыўда нәтийже бермекте. Соның ишинде, исбилермен Жасур Бабажановтың басламасы менен "Аму-Тепло" бренди астында ысытыў қазанлары, сондай-ақ, темир есик ҳәм дәрўазалар ислеп шығарылмақта. Бул жерде 10 нан аслам жумыссыз пуқараның бәнтлиги тәмийинленген.
- Мәҳәллелерде шөлкемлестирилген киши исбилерменлик субъектлери, тигиўшилик кооперациялары, өндирис кәрханалары ҳәм шаңарақлық бизнеслер арқалы аймақтағы жумыссыз пуқаралар болмақта. Бул басламалардың ҳәр бири өз алдына жойбар болса да, оларды бирлестирип туратуғын бирден-бир мақсет бар. Бул — халықтың дәраматын арттырыў, шаңарақлардың экономикалық турақлылығын тәмийинлеў ҳәм инсан ушын мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў, — дейди Әмиўдәрья районы ҳәкиминиң биринши орынбасары Фахриддин Юсупов. - Бүгин аймақтың раўажланыўын тек ғана санлар менен баҳалап болмайды. Оның ҳақыйқый өлшеми адамлардың турмысында жүз берип атырған өзгерислерде көринбекте. Жаңа жумыс орынлары ашылып, шаңарақлардың дәраматы артпақта. Әмиўдәрья районында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, дәраматын арттырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта. Ҳәр бир мәҳәлле, ҳәр бир шаңарақтағы машқалалар анықланып, олардың шешимине қаратылған мәнзилли илажлар көрилмекте.
Бүгин райондағы 49 мәҳәлледе 41 мың 326 шаңарақ бар. Оларда 220 мыңға шамалас халық жасайды. Өткерилген хатлаў ҳәм үйрениўлер нәтийжесинде кәмбағал шаңарақлардың қурамы, машқалалары ҳәм мүтәжликлери анықлап алынған.
- Кәмбағаллық реестрине 2050 шаңарақ киргизилген. Үйрениўлер даўамында бул шаңарақлардың 774 ағзасы жумыссыз, 1808 и төмен дәраматлы, 339 ы болса рәсмий емес жумыс пенен шуғылланып атырғаны анықланды, — дейди Фахриддин Юсупов. - Буннан тысқары, райондағы 3570 жумыссыз пуқараның имканиятлары да үйренилген. Олардың 1571 и белгили бир кәсиплик көнликпеге ийе, 714 инде көнликпе жоқ, 1285 иниң болса исбилерменликке уқыбы бар екенлиги анықланған.
Әлбетте, бул санлардың ҳәр бириниң артында инсан тәғдири ҳәм келешеги тур. Сонлықтан, машқалаларды тек ғана атап өтиў емес, ал оларды әмелий жойбарлар арқалы сапластырыў тийкарғы ўазыйпа болып есапланады. Ҳәр бир жумыс орны, ҳәр бир өндирис тармағы инсан қәдирин жоқарылатыўға хызмет етеди.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы