Илажда бес тийкарғы халықаралық климат қорлары: Адаптация қоры (AF), Климат инвестициялары қоры (CIF), Шығынлар ҳәм зыянларға қарсы гүресиў қоры (FRLD), Глобал экологиялық қор (GEF) ҳәм Жасыл климат қоры (GCF) басшылары, сондай-ақ, донор мәмлекетлер ҳәм климатлық қаржыландырыўды алыўшы мәмлекетлердиң ўәкиллери қатнасты.
Халықаралық климат қорлары арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў, раўажланып атырған мәмлекетлердиң финанслық ресурслардан пайдаланыўын әпиўайыластырыў, инвестициялық тийкарғы бағдарларды келисиў ҳәм климат жойбарларының нәтийжелилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылды.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң экология мәселелери бойынша кеңесгөйи - Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң баслығы Азиз Абдуҳакимов шығып сөйлеп, климатты қаржыландырыў нәтийжелилиги тек ғана ажыратылып атырған қаржылар көлеми менен емес, ал өз-ара байланыслы болған экологиялық ҳәм климат машқалаларын шешиўге қаратылған инвестициялардың муўапықлығы менен де белгиленетуғынын атап өтти.
Климат күн тәртибин алға қойыў Өзбекстан мәмлекетлик сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири екени атап өтилди. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң қоллап-қуўатлаўы менен мәмлекетимиз климат турақлылығын беккемлеў, экосистемаларды тиклеў, Аралбойының экологиялық машқалаларын шешиў ҳәм регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған халықаралық басламаларды избе-из алға қоймақта ҳәм әмелге асырмақта. Онда халықаралық қаржы ресурсларын тартыў ҳәм узақ мүддетли климат жойбарларын әмелге асырыў ушын шериклердиң ҳәрекетлерин бирлестириўге айрықша итибар қаратылмақта.
Өзбекстан Глобал экологиялық қор, Жасыл климат қоры ҳәм Бейимлесиў қоры менен турақлы шерикликти жолға қойғаны, Климат инвестициялары қоры ҳәм Зыянларға қарсы гүресиў қоры менен бирге ислесиўди раўажландырып атырғаны атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан тәрепи еки әмелий баслама менен шықты.
Биринши баслама - "5+5" форматында климатлық қаржыландырыў бойынша Орайлық Азия сөйлесиўин шөлкемлестириў.
Усыныс етилип атырған платформа Орайлық Азияның бес мәмлекети ҳәм бес халықаралық климат фондын бирлестиреди. Оның тийкарғы ўазыйпасы - инвестициялық тийкарғы бағдарларды келисиў, жойбарлар портфелин муўапықластырыў ҳәм қаржыландырылатуғын басламалардың бир-бирин толықтырып барыўын тәмийинлеўден ибарат.
Бир ғана мысал сыпатында ерте алдын алыў системаларын енгизиў, суўды үнемлейтуғын аўыл хожалығы, экосистемаларды тиклеў, турақлы инфраструктураны раўажландырыў ҳәм жергиликли халықты дәрамат дәреги менен тәмийинлеў мәселелери комплексли қатнас жасаўды талап ететуғын Аралбойы аймағы атап өтилди.
Бес қордың ҳәр бири өз ўәкиллиги ҳәм финанслық қуралларына муўапық улыўма регионаллық күн тәртибин әмелге асырыўда қатнасыўы мүмкин екенлиги нәзерде тутылмақта.
Өзбекстан 2027-жылы Ташкент қаласында Климатты қаржыландырыў бойынша "5+5" форматындағы Орайлық Азия сөйлесиўиниң биринши ушырасыўын өткериўге таяр екенин билдирди.
Екинши баслама - ерте ескертиў системаларынан климатқа байланыслы инвестициялық режелестириў ҳәм турақлы раўажланыўға өтиў.
Узақ мүддетли инвестициялық қарарлар қабыл етиўде климат мағлыўматлары ҳәм прогнозларынан кеңирек пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, суў тәмийнатындағы өзгерислер, қурғақшылық, ҳәдден тыс ыссы, музлықлардың қайтып атырғаны, қум ҳәм шаң боранларының болжаўлары аўыл хожалығын режелестириў, ирригация технологияларын енгизиў, инфраструктура қурыў, қайта тикленетуғын энергетиканы раўажландырыў ҳәм тәбийғый экосистемаларды тиклеўде инабатқа алыныўы керек.
Усыныс етилген көзқарас избе-из байланысты нәзерде тутады: климат ҳаққындағы мәлимлеме ҳәм ерте ескертиў системалары - климат қәўип-қәтерлерин есапқа алған ҳалда режелестириў - мақсетли инвестициялар - климат турақлылығын арттырыў - турақлы раўажланыў.
Бес халықаралық климат қоры өзиниң қаржы механизмлери ҳәм илимий шөлкемлер, соның ишинде, Жәҳән метеорология шөлкеми менен бирге ислесиў арқалы бул системаның ҳәр қыйлы басқышларын қоллап-қуўатлаўы мүмкин екенлиги атап өтилди.
Сөзиниң жуўмағында Өзбекстан халықаралық климат қорларын регионаллық инвестициялық көзқарасты биргеликте ислеп шығып, климат өзгериўи ақыбетлерине ең әззи болған аймақларда тәжирийбе жойбарларын иске қосыўға шақырды.
Климатты қаржыландырыў нәтийжелилигин тек ғана мақулланған жойбарлар саны ҳәм тартылған қаржылар көлеми менен емес, ал бәринен бурын, анық нәтийжелер - үнемленген суў ресурслары, қайта тикленген жерлер, халықтың дәрамат дәреклерин беккемлеў ҳәм мәҳәллелердиң турақлылығын арттырыў менен баҳалаў керек екенлиги атап өтилди.
Усыныс етилген басламаларды әмелге асырыў регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў, халықаралық қоллап-қуўатлаўдың избе-излигин арттырыў ҳәм Орайлық Азияның улыўма қәўип-қәтерлерин шешиў ушын климатлық қаржыландырыўдан және де нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў имканиятын береди.