"Өзгидромет"тиң хабар бериўинше, пайтахтымызда ўақты-ўақты менен жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың тезлиги 3-8 м/с, 11-13 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Температура 18-20° жыллы.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде жаўын, айырым жерлерде күшли жаўын, бәлент таўлы аймақларда қарға айланыўы мүмкин. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Сел-суў өтиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 9-14м/с, температурасы 10-15° жыллы.